Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.06.2020 11:59
  • 1751

15-июньнан баслап жумысларына рухсат берилип атырған тараўлар ҳәм оларға қойылатуғын талаплар ҳаққында

15-июньнан баслап жумысларына рухсат берилип атырған тараўлар ҳәм оларға қойылатуғын талаплар ҳаққында
Улыўмалық аўқатланыў объектлери

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 15-июньнан баслап «сары» ҳәм «жасыл» категориядағы аймақларда улыўмалық аўқатланыў объектлериниң жумысларына рухсат бериледи.

Соның менен бирге, улыўмалық аўқатланыў объектлериниң жумысларын шөлкемлестириўге қойылатуғын тийкарғы талаплар сыпатында төмендегилер белгилеп қойылды:

- банкетлер ҳәм басқа ғалабалық илажларды өткериўге жол қойылмайды;
- жумыслары 08:00 ден 23:00 ге шекем алып барылады;
- столлар аралығында 2 метрден кем болмаған социаллық аралықты тәмийинлеў;
- бир стол әтирапында 4 адамнан көп болмаған (10 адамнан көп болмаған бир шаңарақ ағзалары буған кирмейди) қарыйдарларды орналастырыў;
- хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғапта болыўы;
- ҳәр бир қарыйдардан кейин стол ҳәм басқа үскенелердиң үстинги бөлимин дезинфекциялық затлар менен тазалаў.

Буйым базарлары

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 15-июньнан баслап «сары» ҳәм «жасыл» категориядағы аймақларда буйым базарларының жумысларына рухсат бериледи.

Бунда буйым базарлары турақлы түрде дезинфекцияланыўы, олардың кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў, сатыўшылар ҳәм қарыйдарлар медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы, социаллық аралықты сақлаўы, сондай-ақ, ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған, инфекциялық белгилери болған жағдайда және медициналық нықапта болмаған жағдайларда буйым базарлары аймағына киргизбеў илажларын көриў талап етиледи.

Балалар бақшалары

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 15-июньнан баслап «сары» ҳәм «жасыл» категориядағы аймақларда мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысларына рухсат бериледи.

Бунда:

- мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде шынығыўларды 15 адамнан аслам болмаған топарларда шөлкемлестириў;

- мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң имаратларын турақлы түрде дезинфекциялаў, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў;

- хызметкерлер медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы және социаллық аралықты сақлаўы;

- дене температурасы 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған хызметкер ҳәм тәрбияланыўшыларды шынығыўларға киргизбеў илажларын көриў талап етиледи.

Автобус қатнаўлары

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 15-июньнан баслап «сары» ҳәм «жасыл» категориядағы аймақларда аймақлар арасындағы автобус қатнаўларына рухсат бериледи.

Бунда тасыўшылардың жумыслары төмендеги талаплардан келип шыға отырып шөлкемлестириледи:

- транспорт қуралын жуўмақлаўшы жөнелис орнында дезинфекциялаў;
- автобус салонына тек ғана медициналық нықаплардағы жолаўшыларды киргизиў;
- транспорт басқарыўшыларды медициналық қолғап ҳәм медициналық нықаплар менен тәмийинлеў және олардың турақлы түрде өз ўақтында алмастырып барылыў илажларын көриў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы