Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.06.2020 12:28
  • 1115

Быйылғы тест сынақларында қатнасыў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процеси қалай өткериледи?

Быйылғы тест сынақларында қатнасыў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процеси қалай өткериледи?
Кеше, 4-июнь күни 2020-2021-оқыў жылы ушын қабыллаў процесин шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған брифинг болып өткен еди.

Онда атап өтилиўинше, республикалық жоқары оқыў орынларына кириў ушын абитуриентлер әмелдеги мүддетте – 15-июньнан 15-июльға шекем (сол күни де):

- Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz);
- Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты (abitur.dtm.uz);
- Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы (орайға барыў арқалы) онлайн дизимге алынады.

Ҳүжжетлерди қабыллаў ҳәр күни, 24 саат даўамында әмелге асырылады.

Абитуриентлерден шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт) ҳәм мағлыўматын тастыйықлаўшы ҳүжжетлердеги (диплом ямаса аттестат) мағлыўматлардан басқа ҳеш нәрсе талап етилмейди. Егер жеңилликке ийе абитуриентлер болатуғын болса, жоқарыдағы ҳүжжетлерге қосымша жеңиллик бериў ҳаққындағы ҳүжжет мағлыўматларын киргизеди.

Ҳүжжетлерди үйден шықпастан, мобиль телефон ямаса компьютер арқалы онлайн тәризде тапсырыў мүмкин болады.

Быйылғы жылы мектеплерди питкерген абитуриентлер аттестатларын алып жүриўи де шәрт болмайды. Халық билимлендириў министрлигиндеги питкериўшилер аттестатларының мағлыўматлары Мәмлекетлик тест орайының базасына өткериледи. Бундай абитуриентлер дизимнен өткен ўақытта тек ғана паспорт мағлыўматларын киргизеди. Зәрүр болғанда мектеплерде аттестатларды қағаз көринисте алыў мүмкин. Ямаса электрон сканер көринисинде де бериледи.

Абитуриентлер тестке кириў рухсатнамасын (ДТМ рухсатнамасы) Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты – dtm.uz сайтындағы жеке кабинети арқалы жүклеп алады ҳәм тестке қатнасады.

Жоқары оқыў орынларының қабыллаў квоталары Мәмлекетлик тест орайы ҳәм ҳәр бир жоқары оқыў орнының рәсмий веб-сайтларында жәрияланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў