Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.06.2020 12:56
  • 1056

Тест 2 пәннен ҳәм 3 сменада өткериледи (Тест өткериў процесине байланыслы мағлыўматлар)

Тест 2 пәннен ҳәм 3 сменада өткериледи (Тест өткериў процесине байланыслы мағлыўматлар)
Кеше, 4-июнь күни 2020-2021-оқыў жылы ушын қабыллаў процесин шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған брифинг болып өткен еди.

Онда атап өтилиўинше, тест сынақларын өткериў карантин, санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң түрде әмел еткен ҳалда әмелге асырылады.

Бунда:

- абитуриентлерди тест өткерилетуғын имаратқа киргизиў ўақтында дене температурасы өлшенеди және нықап ҳәм резина қолғаплар менен тәмийинленеди;
- тест сынақлары өткерилетуғын имарат аймағы ҳәм ишки бөлиминде күнине 4 мәрте дезинфекциялаў жумыслары әмелге асырылады.

Тест сынақлары ҳәр бир абитуриентке кеминде 3 метр квадрат өлшемде орын ажыратылған ҳалда сыйымлылығы 650-700 адамнан көп болмағана имаратларда өткериледи.

Тест сынақлары 2019-жылы өткерилген 64 имараттан (Өзбекстан бойынша) пайдаланған ҳалда, күнлик еки-үш сменада өткериледи. Бунда бир сменада 24 654 (2019-жылы 35 220) абитуриент, күнлик 73 962 (2019-жылы 70 440) абитуриентке шекем тест сынақларында қатнасыўы мүмкин болады.

Биринши сменада тест сынақлары саат 08:00, екинши смена саат 12:00, үшинши смена саат 16:00 де басланыўы белгиленген болып, ҳәр бир сменаға абитуриентлерди киргизиў тест басланыўы белгиленген ўақыттан ярым саат алдын тоқтатылады.

Тек ғана быйылғы жылғы қабыллаў процесинде мәжбүрий 3 пәннен (ана тили, Өзбекстан тарийхы ҳәм математика) тест өткерилмейди. Тек ғана 2 қәнигелик пәннен тест алынады.

1-блок улыўма 30 сораўдан ибарат болып, ҳәр бир дурыс жуўап ушын 3,2 балл бериледи, бунда улыўма 96 балл топлаў мүмкин.

2-блок та улыўма 30 сораўдан ибарат болып, ҳәр бир дурыс жуўап ушын 3,1 балл бериледи, бунда улыўма 93 балл топлаў мүмкин болады.

Демек, быйылғы жылғы тест сынақларында да өткен жылдағы сыяқлы максимал 189 балл топлаў мүмкин.

Тест сораўларын шешиў ҳәм жуўапларды белгилеў ушын улыўма 3 саат ўақыт бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған