Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.06.2020 13:38
  • 1107

Дөретиўшилик имтиханлар қашан өткериледи? (Имтиханларды өткериў тәртиби ҳаққында)

Дөретиўшилик имтиханлар қашан өткериледи? (Имтиханларды өткериў тәртиби ҳаққында)
Дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар карантин, санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң түрде әмел еткен ҳалда:

- тест сынақлары менен бир қатарда дөретиўшилик (кәсиплик) имтихан өткерилетуғын билимлендириў бағдарлары ушын 11-июльдан 20-июльға шекем;

- айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарлары ушын 25-июльдан 10-августқа шекем өткериледи.

Егер де карантин шеклеўлери даўам ететуғын болса дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханларды өткериў мүддетлерине өзгерислер киргизилиўи мүмкин.

Дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар бағдарламасы ҳәм баҳалаў критериялары әпиўайыластырылған түрде дүзиледи.

Бунда:

- бир абитуриентке имтиханда бир сааттан артың ўақыт сарпламаў;
- абитуриенттиң жоқары оқыў орнына бир мәрте келип-кетиўин тәмийинлеў есапқа алынады.

Жоқары оқыў орынларында дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар өткерилетуғын пәнлер саны билимлендириў бағдарының өзгешеликлеринен келип шыға отырып қысқартылады.

Имтиханлар толық видео бақлаўлар тийкарында өткериледи, виде жазыўлар сақлап қойылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...