Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.06.2020 11:18
  • 1267

Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы түсириледи

Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы түсириледи
Өзбекстан 2020-жылы улыўма ишки өнимди 2 процентке көбейтиўди мақсет еткен. Буның ушын болса Орайлық банк тийкарғы ставканы түсириўи керек болады. Бул ҳаққында Бас министр орынбасары – экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри Ж.Қўчқоров хабар берди.

Оның атап өтиўинше, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев кеше, 9-июнь күни болып өткен жыйналыста УИӨни 2 процент ҳәм оннан бираз көбирек және санаатты 3,5 процентке арттырыў бойынша ўазыйпа белгилеп берген.

«Бизге санаатта өндиристи 3,5 процентке арттырыў ўазыйпасы белгилеп берилди. Бул биринши гезекте карантин себепли жумысы тоқтап қалған кәрханалардың жумысларын жолға қойыў, оларды айланба қаржылар менен өз ўақтында тәмийинлеў, процентлерди көрип шығыў есабынан әмелге асырылады», - деген Ж.Қўчқоров.

Атап өтилиўинше, жақын күнлерде Орайлық банк басқарыў кеңеси қайта қаржыландырыў ставкасын түсириў бойынша қарар қабыл етеди. Президент Орайлық банктиң усынысын мақуллаған. Процентлер бирқанша түсириледи.

Санаат кәрханаларын ҳәм қаржы, ҳәм шөлкемлестириўшилик тәрептен қоллап-қуўатлаў және субсидиялар бериў санаатты 3,5 процентке өсириў имканиятын береди.

Еслетип өтиў керек, Орайлық банк быйылғы жылы 14-апрельде тийкарғы ставканы 1 процентке түсирип, жыллық 15 процент дәрежесинде белгилеген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында