Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.06.2020 12:58
  • 1155

1-августтан кейин «иномарка»лардың баҳасы қанша болыўы мүмкин?

1-августтан кейин «иномарка»лардың баҳасы қанша болыўы мүмкин?
«Norma.uz» экспертлери жеңил автомобильлер мысалында импорт етилетуғын транспорт қуралларының баҳасы 1-августтан кейин қаншаға өзгеретуғынлығын есаплап шықты.

Мәселен, көлеми 1000 куб см.дан артық болмаған двигательге ийе автомобильдиң баҳасы – 6000 доллар.

2020-жыл 1-августқа шекем:

Бажыхана төлеми – 3240 $ (автомобиль орташа баҳасының 54%и);
Акциз салығы – 1920 $ (автомобиль орташа баҳасының 32%и);
ҚҚС – 1674 $ (автомобиль орташа баҳасының, бажыхана төлеми ҳәм акциздиң 15%и);
Бажыхана жыйымы – 25 $;
Утилизациялық жыйым – 0.

Сонда улыўма «растаможка» төлеми 6859 $ болып, автомобильдиң соңғы баҳасы 12 859 долларды қурайды.

2020-жыл 1-августтан кейин:

Бажыхана төлеми – 3240 $ (автомобиль орташа баҳасының 54%и);
Акциз салығы – 0;
ҚҚС – 1386 $ (автомобиль орташа баҳасының, бажыхана төлеми ҳәм акциздиң 15%и);
Бажыхана жыйымы – 25 $;
Утилизациялық жыйым – 659 $ (Базалық есаплаў муғдарының 30 есеси долларда).

Сонда улыўма «растаможка» төлеми 5310 $ болып, автомобильдиң соңғы баҳасы 11130 долларды қурайды. Парқы – 1549 $.

Соның менен бирге, көлеми 3000 куб см.дан артық болған ҳәм 3500 куб см.дан жоқары болмаған двигательге ийе автомобильдиң баҳасы 30000 доллар болса, 1-августтан оның баҳасы 6740 долларға арзанлайды.

Солай етип, 1000 куб см.ге шекемги болған көлемдеги двигательге ийе автомобильлердиң баҳасы 12%ке, 3000 куб см.дан артық болған ҳәм 3500 куб см.дан жоқары болмаған көлемдеги двигательге ийе автомобильдиң баҳасы болса 10%ке арзанлайды, деп жазбақта «Norma.uz» экспертлери.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы