Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.06.2020 10:53
  • 1592

Барлық мобиль байланыс абонентлери Вангириден абайлы болыўы керек! Вангири өзи не?

Барлық мобиль байланыс абонентлери Вангириден абайлы болыўы керек! Вангири өзи не?
«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы коронавирус пандемиясы дәўиринде мобиль байланыс операторлары абонентлериниң есап бетинен алдаўшылық жолы менен пул шешип алыў жағдайлары ушырасып атырғаны ҳәм бақланыўы мүмкинлиги ҳаққында ескертип өтти.

Атап айтқанда, Вангири, яғный сырт еллердиң номерлеринен қоңыраўларды әмелге асырып, абонент усы номерге қайта қоңыраў еткеннен соң оның есабынан көп муғдардағы қаржыларды шешип алыў жағдайлары бақланған. Алдаўшылар абонентке қоңыраў етип, оған жуўап берилместен бурын байланысты үзип қояды. Айрым адамлар болса сырт елден келген ҳәм өткерип жиберилген бийтаныс номерге қайтып қоңыраў етиўи ақыбетинде олардың есабынан көп муғдардағы қаржы шешип алынады.

Сондай-ақ, мобиль байланыс операторлардан алынған мағлыўматларға қарағанда, карантин дәўиринде пластик карталардың электрон системалар арқалы басқарылыўында ушырасқан гүманлы ҳәрекетлер мониторинг етилип, алдаўшылықтың алдын алыў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.

«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы усы сыяқлы унамсыз жағдайлардың алдын алыў ушын бийтаныс номерден, сырт еллерден қоңыраў болған ҳәм ол өткерип жиберилген болса, сол номерлерге қайта қоңыраў етпеў, пластик карта номери, паспорт сериясы ҳәм басқа жеке мағлыўматларды бийтаныс адамларға мәлим етпеў, социаллық тармақларға орналастырмаўды усыныс етеди.

Мағлыўмат ушын, Вангири – алдаўшылық усылларының бири болып, япон тилинен алынған сөз болып табылады. 2002-жылы Японияда бул бойынша үлкен келиспеўшиликлер бақланған. Алдаўшылар жалған жолы менен абонентти пуллы номерге (premium-rate number) қоңыраў етиўге мәжбүрлейди ҳәм оның есабынан қаржыларды шешип алады. Алдаўшылар пуллы номерден қоңыраў етеди ҳәм дәрриў байланысты үзеди, сырт елден әҳмийетли қоңыраў күтип отырған пуқара болса билип-билмей усы номерге қайта қоңыраў етеди ҳәм өз есабындағы қаржының шешип алыныўына шараят жаратып береди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.