Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.06.2020 16:03
  • 1173

Жеке мақсетлерде қуяш энергиясынан пайдаланыў ушын рухсат алыў керек пе? Оған пуқаралар салық төлей ме?

Жеке мақсетлерде қуяш энергиясынан пайдаланыў ушын рухсат алыў керек пе? Оған пуқаралар салық төлей ме?
Социаллық тармақларда жеке мақсетлерде қуяш энергиясынан пайдаланыў ушын (мәселен, үйди жақтыландырыў ушын қуяш панельлеринен пайдаланыў) рухсатнама алыў ҳәм салық төлеў кереклиги ҳаққында хабарлар тарқалған еди.

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги үйинде қуяш энергиясынан пайдаланатуғын физикалық тәреплер ушын ҳеш қандай рухсатнама талап етилмейтуғынлығын мәлим етти.

2019-жыл 21-май күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасының «Қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамында қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен (кейинги орынларда – ҚТЭД деп қолланылады) электр энергиясын ислеп шығарыў, соның ишинде, жеке мәплер ушын пайдаланыў ушын төмендеги түрдеги ҚТЭДлер өз көринисин тапқан:

1) Қуяш энергиясынан өз зәрүрликлери ушын электр энергиясын ислеп шығарыўшылар – физикалық тәреплер;
2) Локаль тармақ арқалы юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң зәрүрликлери ушын электр энергиясын ислеп шығарыўшылар (сатыў ушын);
3) ҚТЭДтен бирден-бир энергетика системасына электр энергиясын жеткерип беретуғын ислеп шығарыўшылар (сатыў ушын).

Басқашалаў етип айтқанда, ҚТЭДтен пайдаланып (қуяш, самал ҳәм басқалар арқалы) электр энергиясын ислеп шығарыў мүмкин. Тек ғана өзиңиз ушын емес, ал оны сатыўыңыз да мүмкин. Бундай жағдайларда бул исбилерменликтиң ең жаңа түри болып табылады.

Усындай исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде, нызам оларға ҚТЭДтен локаль электр тармақларын жаратыў, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң электр энергиясын өз ара келисилген баҳаларда сатыўы бойынша шәртнамалар дүзиў ҳуқықын береди.

Соның менен бирге, ҚТЭДтен бирден-бир энергетика системасына электр энергиясын жеткерип бериўшилерге тармаққа кепилликли түрде жалғаныў ҳуқықы берилген.

Көринип турғанындай, бул жерде (екинши ҳәм үшинши түрдеги ислеп шығарыўшылар) қайта тикленетуғын энергиядан өз зәрүрликлери ушын емес, ал исбилерменлик, яғный электр энергиясын сатыў мақсетинде пайдаланыў ҳаққында сөз болғанында, әмелдеги исбилерменлик нызамлары қолланылады.

Биринши түрдеги ислеп шығарыўшылар ушын, яғный қуяш энергиясынан өз зәрүрликлери ушын электр энергиясын ислеп шығаратуғынлар ушын шәртнамалар талап етилмейди, керисинше, оларға хошаметлеўши жеңилликлер бериледи.

Егер халық тек ғана қайта тикленетуғын энергиядан пайдаланған ҳалда, яғный әмелдеги энергия тармақларынан толық үзилген жағдайда, олар физикалық тәреплердиң мүлк салығынан ҳәм жер салығынан үш жыл мүддетке (ҚТЭДтен пайдаланыў айынан баслап) азат етиледи.

2019-жыл 22-августта Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыўдың жедел илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4422-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарарда қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланатуғынлар ушын қосымша жеңилликлер берилген.

Атап айтқанда, 2020-жылдың 1-январынан баслап елимизде мәмлекетлик бюджет есабынан физикалық тәреплерге қуяш фотоэлектр станциялары ушын (3 миллион сумнан артық болмаған), қуяш суў ысытқышлары ушын (1,5 миллион сумнан артық болмаған), сондай-ақ, энергия үнемлеўши газ-горелкалы қурылмалар ушын болса (200 мың сумнан артық болмаған) сатып алыў баҳасының үштен бир бөлеги төлеп берилиўин нәзерде тутыўшы тәртип енгизилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, усы илажлар қатарында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге қайта тикленетуғын энергия қурылмалары, энергия үнемлеўши газ-горелкалары ҳәм қазанханалар, сондай-ақ, басқа энергия үнемлеўши үскенелерди сатып алыў ушын коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процентлик қәрежетлерди қаплаў (компенсациялар) нәзерде тутылған.

Ҳәзирги ўақытта Энергетика министрлигинде қайта тикленетуғын энергетика тараўын еле де раўажландырыў, халық ҳәм исбилерменлер ушын қосымша жеңилликлер жаратыў бойынша Устав жойбары ислеп шығылмақта.

Жоқарыда атап өтилген ҳәм басқа бир қатар илажлар, жеңиллик ҳәм преференциялар өз нәтийжесин көрсетеди. Елимиз басшысының дыққат-итибары ҳәм қадағалаўында болған ҚТЭДти раўажландырыў процеси жеделлеспекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи...

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,