
Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 25 жыллығы мүнәсибети менен түрли тараўларда хызмет етип атырған жаслардан бир топарын «Өзбекистан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықлаў ҳаққындағы Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң карары жәрияланды.
Миллий мәнаўият, мәдений мийрас ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар тийкарында ўатансүйиўшилик, пидайылық сезимлерин ҳәм мийнетсүйгишлик пазыйлетлерин өзинде жәмлеген, Ўатанымыз абыройын жоқарылатыўда өзиниң үлесин қосып атырған жаслар қатарында қарақалпақстанлы жаслар – Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы оқытыўшысы Ақымбетова Гүлбәҳәр Қанатбаевна ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистратура бөлими журналистика қәнигелигин өткен жылы питкерген Сейтназарова Гүлжәҳән Суханатдиновна «Өзбекистан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықланды.
Сахибжамал Есемуратова