Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.06.2020 15:27
  • 1452

Алдаўшылар тәрепинен және бир схема арқалы алдаў жағдайлары ушыраспақта

Алдаўшылар тәрепинен және бир схема арқалы алдаў жағдайлары ушыраспақта
Пайдаланыўшы интернеттен жаңалықларды оқып ямаса видео тамашалап атырған ўақытта браузердиң төменги мүйешинде киши ескертиўши дағаза пайда болады. Онда компьютер қәўип астында екенлиги, техникалық насазлықлар бақланғаны, оны сапластырыў ушын арнаўлы бағдарламаны, операциялық системаның ислеўин муўапықластырыўшы драйверди орнатыў зәрүрлиги және арнаўлы силтемеге кирип, бағдарламаны жүклеў соралады. Бул ҳаққында «Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы хабар берди.

Пайдаланыўшы көрсетилген бағдарламаны жүклеп алса ҳәм иске қосса алдаўшылардың компьютерди вирус пенен зыянлаўы, ондағы мағлыўматларды көширип алыўы ямаса өширип таслаўына имканият жаратады.

Усы сыяқлы жағдай мобиль телефонда да бақланыўы мүмкин. Яғный қурылманың бағдарламалық тәмийнатын жаңалаў, керисинше жағдайда, телефонның блокланыўы мүмкинлиги ҳаққында өтирик ескертиў бериледи. Пайдаланыўшы қурылмаға бағдарламалық тәмийнатты жүклеп атырман деп ойлап зыянлы бағдарламаны орнатып алыўы мүмкин.

«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы сайтлардың астында шығатуғын ямаса электрон почта арқалы келетуғын усы сыяқлы дағазаларға итибар бермеў, оларды өширип таслаў, усындай хабарлар шығатуғын мәлимлеме ресурсларынан илажы болғанынша пайдаланбаў, компьютер ушын антивирус бағдарламаларын рәсмий дәреклерден алыў, жаңалаў және бағдарламалық тәмийнатты турақлы түрде зыянлы бағдарламалардан мониторинг етиўди усыныс етеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы