Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.06.2020 12:26
  • 1348

Ҳаял-қызлар ушын қосымша грант тийкарында жоқары оқыў орынларына кириў тәртиби мәлим болды

Ҳаял-қызлар ушын қосымша грант тийкарында жоқары оқыў орынларына кириў тәртиби мәлим болды
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-июньдағы ВМ-402-санлы қарары тийкарында жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ҳаял-қызларға таңлаўда қатнасыў ушын усыныснама бериў және оларды оқыўға қабыллаўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды. Бул ҳаққында ӨзР ЖОАБМ хабар берди.

Уставқа муўапық, усыныснамалар төмендеги критериялардан бири тийкарында бериледи:

- кем тәмийинленген шаңарақтан шыққан ҳаял-қызлар;
- толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный ата ямаса анасы қайтыс болған ҳаял-қызлар;
- 14 жасқа толмаған еки ҳәм оннан да көп перзентлерин тәрбиялап атырған, басқа ағайинлеринен бөлек жасап атырған жалғыз ҳаяллардың (еркеклердиң) қызлары;
- жеке турақ жайға ийе болмаған, ижарада жасап атырған шаңарақлар;
- ата-аналардың бири ямаса ҳәр екеўи де жумыссыз болған ҳәм жумыс излеп атырғанлар сыпатында халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларында есапта турғанлар;
- майыплығы болған перзентлери болған шаңарақлардан шыққан ҳаял-қызлар;
- жоқары мағлыўматлы ҳаял-қызлар менен қамтып алыў дәрежеси республиканың орташа көрсеткишлеринен еки ямаса оннан артық есеге төмен болған районлар, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақларда жасайтуғын шаңарақлардағы қыз перзентлер (оларды өз аймағында 3 жыл ислеў шәрти менен).

Усыныснама алыў тәртиби:

1) Ҳәр жылы февраль айында ҳаял-қызларға усыныснамалар бериў бойынша жумысшы топар дүзиледи.

2) Районлық (қалалық) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери усыныснама алыў мақсетинде мүрәжат еткен ҳаял-қызлардың ҳүжжетлерин ҳәр жылы 10-майға шекем Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармаларына усынады.

3) Жумысшы топар тәрепинен сайлап алынып, қосымша қабыллаў көрсеткишлери ушын таңлаўда қатнасыўға усыныс етилген ҳаял-қызлардың дизими ҳәр жылы 15-июньға шекем Мәмлекетлик тест орайына усыныс етиледи және Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Усыныснама жоқары мағлыўматлы болыў нийетинде болған ҳаял-қызларға 3 жылдан көп болмаған мүддетке бериледи.

Усыныснама абитуриент жоқары оқыў орнына кириў ушын сайлаған биринши билимлендириў бағдары бойынша таңлаўда қатнасыў ҳуқықын береди, екинши ҳәм оннан кейинги сайлаған бағдарлар ушын таңлаўда қатнасыўға енгизилмейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў