Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.06.2020 13:12
  • 934

Быйыл қайсы тараўлар ушын мақсетли қабыллаў көрсеткишлери белгиленген?

Быйыл қайсы тараўлар ушын мақсетли қабыллаў көрсеткишлери белгиленген?
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 1-санлы протоколына муўапық, тийисли министрлик ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң буйыртпалары тийкарында республика аймақларындағы денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириў, ветеринариялық тараўларда жоқары мағлыўматлы кадрларға болған жоқары талаптан келип шығып мақсетли қабыллаў көрсеткишлери белгиленди. Бул ҳаққында ӨзР ЖОАБМ хабар берди.

Бунда 2020-2021-оқыў жылында республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги билимлендириў түри бойынша мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлеринен мәмлекетлик грант тийкарында улыўма 2537 орын ажыратылды.

Соның ишинде:

- денсаўлықты сақлаў тараўы ушын районлар кесиминде – 1507 орын;
- халық билимлендириў тараўы ушын районлар кесиминде – 805 орын;
- ветеринария тараўы ушын аймақлар кесиминде – 225 орын.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған