Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.06.2020 15:50
  • 1793

Быйыл ҳаял-қызлар ушын қосымша грантқа усыныснама алыў шәртлери қандай?

Быйыл ҳаял-қызлар ушын қосымша грантқа усыныснама алыў шәртлери қандай?
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң районлық (қалалық) бөлимлери жанындағы жумысшы топар тәрепинен талабан ҳаял-қызлардың ҳүжжетлери 24-июньнан 10-июльға шекем қабыл етилиўи жобаластырылған. Бул ҳаққында министрликтиң басқарма баслығы Д.Мирзажонова мәлим етти.

Усыныснамаға талабанлар тәрепинен төмендеги ҳүжжетлер усынылыўы керек:

- Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң атына арза;
- белгиленген критериялардан бирин тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер (қосымшасы менен);
- мағлыўматнама-объективка;
- улыўма орта билимлендириў ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесинен мағлыўматнама;
- паспорт ямаса туўылғаны ҳаққындағы гүўалықтың нусқалары.

Талабан ҳаял-қызлардың ҳүжжетлери толық көрип шығылғаннан соң, жумысшы топардың шешими тийкарында мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға усыныс етилген ҳаял-қызлардың дизими – Жумысшы топардың жыйналыс протоколы тастыйықланады.

Оқыўға усыныс етилген ҳаял-қызлардың толық ҳүжжетлери (дизим, тийисли ҳүжжетлердиң нусқалары, Жумысшы топар баслығының жыйналыс протоколының түп нусқасы) Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине усы жылдың 8-июль сәнесине шекем жибериледи.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен усы ҳүжжетлер Ташкент қаласындағы министрликке усы жылдың 10-июль сәнесине шекем жибериледи.

2020-жыл 15-июльға шекем тийисли усыныснамалар ҳаял-қызларға бериледи.

2020-жыл 20-июльға шекем усыныснама берилген талабанлардың толық дизими Мәмлекетлик тест орайына усынылады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Мәмлекетлик комиссияның 1-санлы протоколы тийкарында, 2020-2021-оқыў жылы ушын ҳаял-қызларға ажыратылған 4 процентлик қосымша мәмлекетлик гранты тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлериниң аймақлар кесиминдеги бөлистирилиўи бойынша Қарақалпақстан Республикасы ушын улыўма 51 орын ажыратылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған