Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.06.2020 11:53
  • 1114

Қарақалпақстанда «COVID-19» инфекциясы менен байланыслы жағдай бойынша соңғы мағлыўмат

Қарақалпақстанда «COVID-19» инфекциясы менен байланыслы жағдай бойынша соңғы мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, усы жылдың 28-июнь күнги жағдай бойынша республикамызда «COVID-19» коронавирус инфекциясына шалынғанлар улыўма 151 адамды кураған. Соннан 141 наўқас улыўма емленип шыққан болып, ҳәзирги ўақытта 10 наўқас емленбекте.

Емленип атырғанларды аймақлар кесиминде алып қарағанда, олардан 6 адам Нөкис қаласынан, 2 адам басқа ўәлаятлардан (халықаралық жүк тасыўшы автомобиль басқарыўшылары) және 2 адам басқа мәмлекетлердиң пуқаралары (халықаралық жүк тасыўшы автомобиль басқарыўшылары) болып есапланады.

Хабарда жазылыўынша, наўқасланған адамлардың ҳәммеси Нөкис районындағы Реабилитациялық орайда емленбекте.

Мағлыўмат ушын, 28-июнь күни Қарақалпақстанда улыўма 6 наўқас «COVID-19» коронавирус инфекциясы менен наўқасланғаны анықланған. Солардың екеўи инфекцияға шалынғанлар менен байланыста болып, карантинге алынған пуқаралар арасында, екеўи халықтың арасында ҳәм және екеўи халықаралық жүк тасыўшы автомобиль басқарыўшысында анықланған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған