Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.06.2020 17:59
  • 1398

НМПИге 62 студент мақсетли тийкарда грантқа қабыл етиледи. Грант орынлары қайсы районлар ушын ажыратылған?

НМПИге 62 студент мақсетли тийкарда грантқа қабыл етиледи. Грант орынлары қайсы районлар ушын ажыратылған?
2020-2021-оқыў жылында республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги билимлендириў түри бойынша мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлеринен мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған аймақлар ушын мақсетли қабыллаў параметрлери тастыйықланды.

Усы тийкарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир қатар күндизги бакалавриат бағдарларының қарақалпақ топарлары ушын мақсетли тийкарда улыўма 62 грант орынлары ажыратылды.

Бул орынлар халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған Мойнақ, Тахтакөпир, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында жасайтуғын абитуриентлер ушын ажыратылған.

Солай етип, быйылғы жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының төмендеги бағдарлары ушын мақсетли қабыллаўлар әмелге асырылады:

5110100 – Математика ҳәм информатика. Улыўма 18 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 5 орын;
Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 5 орын;
Елликқала районы ушын – 6 орын.

5110200 – Физика ҳәм астрономия. Улыўма 5 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;
Мойнақ районы ушын – 3 орын;
Елликқала районы ушын – 1 орын.

5110300 – Химия. Улыўма 6 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 3 орын.

5110400 – Биология. Улыўма 6 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 2 орын;
Елликқала районы ушын – 2 орын.

5110600 – Тарийх. Улыўма 3 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 2 орын.

5110500 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 1 орын.

5111600 – Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Мойнақ районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 1 орын.

5111301 – Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты. Улыўма 3 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:


Елликқала районы ушын – 3 орын.

5111302 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты. Улыўма 4 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 1 орын;
Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 1 орын.

5111400 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили. Улыўма 11 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 3 орын;
Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 2 орын;
Елликқала районы ушын – 4 орын.

5110900 – Педагогика ҳәм психология. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 1 орын.

Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған