Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2020 14:15
  • 1369

Туроператорларға сырт еллердеги пуқараларды Өзбекстанға алып келиў ушын рейслер шөлкемлестириўге рухсат берилди

Туроператорларға сырт еллердеги пуқараларды Өзбекстанға алып келиў ушын рейслер шөлкемлестириўге рухсат берилди
Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында, коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары азаймаған мәмлекетлерден (қызыл рейслер) Өзбекстанға кирип келген пуқараларға өз қәлеўине қарай 14 күнлик карантин бақлаўы дәўирин ҳақысын төлеген ҳалда мийманханада өткериўдиң ўақытша тәртиби тастыйықланды.

Атап айтқанда:

- Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги тәрепинен қәлиплестирилген дизимге киргизилген мийманханалар оларға тийисли объектлерди 24 саат үзликсиз қорғаў бойынша Миллий гвардия менен шәртнама дүзеди;

- усы мийманханаларда медициналық мәкемелер тәрепинен шәртнама тийкарында күнделикли медициналық хызмет шөлкемлестириледи;

- пуқаралар республиканың халықаралық аэропортлары ҳәм шегарадан өткериў пунктлеринен мийманханаларға шекем жол-патруль хызмети ўәкиллериниң бақлаў астында транспорт қураллары арқалы жеткериледи.

Сондай-ақ, жоқарыда атап өтилген барлық талапларға қатаң түрде әмел еткен ҳалда, карантин бақлаўы дәўирин өткериў ушын мийманханаларға орналастырыў шәрти менен сырт еллердеги Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм Өзбекстан Республикасында турақлы жасаў орнына ийе болған пуқаралығы болмаған адамларды туроператорлар ҳәм авиатасыўшылар тәрепинен де республикаға жеткериў рейслериниң шөлкемлестирилиўине рухсат берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған