Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2020 15:01
  • 1501

Коронавирус инфекциясын жуқтырған наўқасларды емлеў бойынша жаңа тәртип енгизилмекте

Коронавирус инфекциясын жуқтырған наўқасларды емлеў бойынша жаңа тәртип енгизилмекте
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, коронавирус инфекциясын жуқтырған наўқаслар 3 категорияға ажыратылмақта:

- коронавирус инфекциясының жеңил формалары анықланған (кеселлик белгилерсиз өтип атырған) наўқаслар;

- коронавирус инфекциясы орташа аўыр өтип атырған (дене температурасы көтерилип атырған) наўқаслар;

- коронавирус инфекциясы аўыр түрде өтип атырған наўқаслар.

Усы тийкарда быйылғы жылдың 5-июль сәнесинен баслап коронавирус инфекциясын жуқтырған наўқасларды емлеў менен байланыслы төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа тәртип енгизилмекте:

- кеселлик белгилерисиз өтип атырған жеңил түрдеги наўқаслар шыпакер усыныслары тийкарында, санитариялық-гигиеналық қағыйдалар және емлеў ушын зәрүрли шараятлар болған жағдайда, үй шараятында емлениўге рухсат бериледи;

- емлеўханаларда ҳәм үй шараятында емленип атырған кеселлик белгилерисиз өтип атырған жеңил түрде наўқасланғанлар 10 күн мүддетте клиникалық белгилери бақланбаған жағдайда қадағалаўдан шығарыў әмелияты енгизиледи;

- коронавирус инфекциясы тастыйықланған наўқас пенен бирлемши байланыста болғанлар 14 күнлик карантин мүддетин үй шараятында ямаса тастыйықланған дизим тийкарында мийманханаларда барлық санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм карантин шеклеўлерине әмел еткен ҳалда өткериўге рухсат бериледи;

- бирлемши скрининг тест анализлери оң нәтийже берген үлгилерди тастыйықлаў анализлерди өткериў ўәкиллиги Бас санитариялық шыпакер көрсетпелеринен келип шығып, аймақлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайларына бериледи;

- халықтың популяциялық мағлыўматлар базасын жаратыў мақсетинде коронавирус антиденелерине ИФА тексериўлерине, мәмлекетлик медициналық мәкемелер менен бирге, жеке меншик денсаўлықты сақлаў секторындағы медициналық мәкемелер де бириктирилиўи мүмкин.

Усы атап өтилгенлерден келип шығып, кеселлик белгилерисиз өтип атырған жеңил түрде наўқасланғанларды үй шараятында емлеў тәртиби ислеп шығылады және қабыл етиледи.

Сондай-ақ, ишки ислер ҳәм Миллий гвардия уйымлары және Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен үй шараятында емленип атырған кеселлик белгилерисиз өтип атырған жеңил түрде наўқасланғанлар ҳәм инфекция жуқтырып атырғанлар менен байланыста болып, карантинге алынғанлардың жасаў мәнзили бойынша қатаң қадағалаў алып барылады.

Кеселлик белгилерисиз өтип атырған жеңил түрде наўқасланғанларды үй шараятында емлеў тәртибин бузған пуқараларға эпидемияларға қарсы гүресиў талапларын бузғаны ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жуўапкершилик шаралары қолланылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет