Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2020 15:41
  • 7009

Ҳаял-қызлар ушын жоқары оқыў орынларына ажыратылған грант орынларға Нөкис қаласында жасайтуғынлар Телеграм арқалы ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болды

Ҳаял-қызлар ушын жоқары оқыў орынларына ажыратылған грант орынларға Нөкис қаласында жасайтуғынлар Телеграм арқалы ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болды
Жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде Нөкис қаласында жасаўшы ҳаял-қызларға таңлаўда қатнасыў ушын ҳүжжетлер qizlar_grantnukus@umail.uz электрон почтасы ямаса Телеграм тармағындағы https://t.me/qizlar_grantnukus топары арқалы онлайн қабыл етиледи. Бул ҳаққында қала ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Ҳүжжетлер дизими:

1. Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы атына АРЗА (үлги тийкарында);
2. Усы Режениң 2-бәнтинде көрсетилген критериялардың биреўин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (қосымшасы менен);
3. Мағлыўматнама-объективка;
4. Улыўма билим бериў мектеби яки орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў мәкемесинен мағлыўматнама (диплом, аттестат нусқасы қосымшасы менен);
5. Паспорт нусқасы.

Арза үлгиси
Ҳаял-қызлар ушын жоқары оқыў орынларына ажыратылған грант орынларға Нөкис қаласында жасайтуғынлар Телеграм арқалы ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болды

Таңлаўда қатнасыў ушын ҳүжжетлер төмендеги критериялар тийкарында қабыл етиледи:


- кем тәмийинленген шаңарақтан шыққан ҳаял-қызлар;

- толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный әкеси ямаса анасы қайтыс болған ҳаял-қызлар;

- 14 жасқа толмаған еки ҳәм оннан да көп перзентлерин тәрбиялап атырған, басқа ағайинлеринен бөлек жасап атырған жалғыз ҳаяллардың (ер адамлардың) қызлары;

- жеке турақ жайға ийе болмаған, ижарада жасап атырған шаңарақлардың қызлары (ижара шәртнамасы 24-июньға шекем дүзилген);

- ата-анасының бири ямаса ҳәр екеўи де жумыссыз болған ҳәм жумыс излеп атырғанлар сыпатында халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларында есапта турғанлар (24-июньға шекем дизимге алынғанлар);

- майыплығы болған перзентлери болған шаңарақлардан шыққан ҳаял-қызлар;

- жоқары мағлыўматлы ҳаял-қызлар менен қамтып алыў дәрежеси республиканың орташа көрсеткишлеринен еки ямаса оннан артық есеге төмен болған районлар, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақларда жасайтуғын шаңарақлардағы қыз перзентлер (оларды өз аймағында 3 жыл ислеў шәрти менен).

Ҳүжжетлерди қабыллаў усы жылдың 8-июль сәнесине шекем ҳәр күни саат 08:00 ден саат 17:00 ге шекем әмелге асырылады.

Қосымша мағлыўмат ушын телефонлар:


+99861 222-89-92
+99861 222-70-32
+99891 389-50-55

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў