Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2020 18:33
  • 1666

Нөкис районындағы реабилитациялық орайда «коронавирустан қайтыс болған пуқара» ҳаққындағы хабарларға анықлық киргизилди

Нөкис районындағы реабилитациялық орайда «коронавирустан қайтыс болған пуқара» ҳаққындағы хабарларға анықлық киргизилди
Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, район аймағында жайласқан реабилитациялық орайдағы «COVID-19» инфекциясына шалынған наўқасларды емлеў ушын арналған стационарға усы жылдың 27-июнь күни аўыр аўҳалда алып келинген наўқаста өткерилген интенсив емлеў илажларына қарамастан, өткир дем алыў ҳәм жүрек жетиспеўшилиги ақыбетинде арадан еки күн өтип, 29-июнь күни азанғы ўақытта қайтыс болған.

Хабарда жазылыўынша, тармақларда қайтыс болған пуқара «Нөкис районының турғыны» деп көрсетилген. Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети бул хабар надурыс екенлиги, қайтыс болған пуқара усы күнге шекем Нөкис қаласында жасап келгенлигин мәлим етти.

Мағлыўмат ушын, буннан алдын «Kar24.uz» сайты бул хабарларға анықлық киргизип, дәслепки тест нәтийжелеринде онда вирус инфекциясы анықланбағаны, карантинде болған пуқара спиртли ишимлик ишип, кондиционерди қосып уйықлап қалғаны ақыбетинде дене температурасы көтерилип аўырғаны ҳәм екинши мәрте тексериўден өткерилгенде оның организминде вирус инфекциясы анықланғаны ҳаққында хабар берген еди.

- Коронавирустан өлим жағдайы шенде-шен болады. Бул пуқара мәс болып кондиционердиң астында жатып аязлағаны себепли вирус инфекциясы менен қосылып иммунитети төменлеп кеткен. 29-июнь күни пуқара дүньядан өтти, - деп қәнигениң пикирлерин келтирип өткен еди «Kar24.uz» сайты.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған