Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2020 18:55
  • 1594

Төрткүл гүзары ҳәм Қарақалпақстан көшеси кесилиспесинде «Lacetti»диң өртенип кетиўи бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Төрткүл гүзары ҳәм Қарақалпақстан көшеси кесилиспесинде «Lacetti»диң өртенип кетиўи бойынша рәсмий мағлыўмат берилди
Бүгин, 30-июнь күни саат 06:55 те Нөкис қаласы Төрткүл гүзары ҳәм Қарақалпақстан көшесиниң кесилиспесинде ҳәрекетленип баратырған, 1989-жылы туўылған пуқара З.К.ға тийисли болған, 1976-жылы туўылған пуқара К.К. басқарыўындағы «Lacetti» маркалы ақ реңли автомобильдиң мотор бөлиминде өрт келип шыққан. Бул ҳаққында бизге ҚР Айрықша жағдайлар басқармасының ҒХҚ ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топарының баслығы, аға лейтенант Айбек Абдирахманов хабар берди.

Ўақыя орнына Нөкис қаласы Айрықша жағдайлар бөлиминиң 2-өрт-қутқарыў бөлиминен 2 өрт өшириў экипажы жетип барған ҳәм өрт сапластырылған.

Өрттиң келип шығыўына жол-транспорт ҳәдийсеси себеп болмаған. Өрт автомобильдиң мотор бөлиминдеги электр сымларының қысқа тутатысыўынан келип шыққан болыўы мүмкинлиги болжанбақта.

Ўақыя ақыбетинде пуқаралардың денсаўлығына ҳәм өмирине зыян жетпеген.

Өрт ақыбетинде пуқараға келтирилген материаллық зыян муғдары тексериўлер даўамында анықланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...