Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.07.2020 11:29
  • 1686

Коронавирус бир әсир алдын 100 миллион адамның қайтыс болыўына алып келген «испанка» эпидемиясының сценарийси бойынша раўажланбақта

Коронавирус бир әсир алдын 100 миллион адамның қайтыс болыўына алып келген «испанка» эпидемиясының сценарийси бойынша раўажланбақта
Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Бас директоры Тедрос Гебрейесус Женевадағы брифингде «COVID-19» пандемиясы тарқалыўының жеделлескенлигин мәлим етти. Бул ҳаққында «Koronavirus Info» каналы хабар берди.

«Айрым мәмлекетлер өз экономикасын ашып, жәмийетлик турмыс тикленгеннен соң машқалаға дус келди. Адамлар вирус алдында күшсиз болып қалмақта. Глобаллық көлемде пандемияның раўажланыўы жеделлести», - деп айтып өткен Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Бас директоры.

Бас директордың стратегиялық мәселелер бойынша жәрдемшиси Раньери Гуэрра егер жер жүзин коронавирус пандемиясының екинши толқыны қамтып алса, миллионлаған адамлар қайтыс болыўы мүмкинлигин айтып өтти.

Оның қосымша етиўинше, коронавирустың глобаллық қәўпи 100 жыл алдын 100 миллион адамның өмирден көз жумыўына себепши болған «испанка» эпидемиясының сценарийси бойынша раўажланбақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Уқсас жаңалықлар

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген