Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.07.2020 15:22
  • 1413

Бозатаў районлық бәнтликке көмеклесиў орайының баслығы пара менен усланды

Бозатаў районлық бәнтликке көмеклесиў орайының баслығы пара менен усланды
Бозатаў районында жасайтуғын, районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының инспекторы лаўазымында ислеп келген пуқара С.М. өзиниң баслығы, Бозатаў районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының директоры жумыстан шығарып жибермеўи ушын пара сыпатында пул талап етип атырғанын мәлим етип ИИБға мүрәжат еткен. Бул ҳаққында ҚР ИИМ мәлимлеме хызметине тийкарланып «Янги Ўзбекистон» басылымы хабар берди.

Мүрәжат тийкарында ҚР Ишки ислер министрлиги Коррупция ҳәм экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Бозатаў районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының директоры И.Б. қол астында ислейтуғын пуқара С.М.дан жумыстан шығарып жибермеўи ушын пара сыпатында талап еткен 2 000 000 (еки миллион) сум пулды алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен илаж қатнасыўшылары тәрепинен қолға алынған.

Бул жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған