Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.07.2020 14:58
  • 1126

Коронавирустың жаңа – екинши толқыны қашан жүз бериўи мүмкин?

Коронавирустың жаңа – екинши толқыны қашан жүз бериўи мүмкин?
Коронавирустың жаңа – екинши толқыны ноябрь-декабрь айларында жүз бериўи мүмкин. Бул ҳаққында шыпакерлердиң дүнья жүзилик кәсиплик аўқамы «WMA»ның бурынғы басшысы, профессор Леонид Эйдельман айтып өтти, деп жазады «Kun.uz».

Эйдельманның атап өтиўинше, кеселликтиң жаңа толқынына жақсы таярлық көриў керек, өйткени бул «COVID-19»дың белгилерине ийе мәўсимлик өткир респираторлы вирус инфекциясы (ОРВИ) менен бирге өтиўи себепли аўҳал қыйынласыўы мүмкин.

«Ҳәр жылдағыдай ноябрь-декабрьде дем алыў жоллары кеселликлериниң көбейиўин түсиниў керек. Сол себепли жөтелип атырған, түшкирип атырған наўқасларды коронавирусқа шалынғанлардан парқлаў қыйын болады. Бул үлен машқала болып табылады», - деп айтып өткен профессор.

Эйдельманның билдириўинше, ноябрьге шекем денсаўлықты сақлаў системасы толық мобилизацияланыўы керек. Оның пикиринше, коронавирустың гүздеги толқыны карантин шеклеўлериниң бийкар етилгени себепли жаздағысынан күшлирек болады.

Қәнигениң атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта коронавирусқа шалынғанлардың саны дүнья жүзи бойынша көбеймекте. Айрым мәмлекетлерде, мәселен, Италия ҳәм Германияда наўқасланыў жағдайлары бираз көбейип атырғаны сезилип атырған болса, Ҳиндстанда бул көрсеткиш жоқары дәрежеге жеткен.

«Тийкарынан наўқасланғанлар саны анықланғанларынан көбиректи қурайды», - деп қосымша еткен Эйдельман.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...