Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайында коронавирусқа тест тапсырыў имканияты жаратылған. Орай мәлимлеме хызметиниң бизге хабар бериўинше, тест тапсырыў толық бийпул болып, тапсырылған тест нәтийжелери 2 күнниң ишинде шығады.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2020-жыл 30-март күнги 92-санлы буйрығы ҳәм 2020-жыл 19-апрель күнги 32-02-2/233-санлы көрсетпе хатына тийкар коронавирус инфекциясына тексерилиўи шәрт болған контингентлер топары белгилеп берилген.
Яғный:
1) Емлениў дәўиринде коронавирус инфекциясы анықланған наўқаслар;
2) Коронавирус инфекциясынан емленип, мәкемелерде медициналық реабилитацияға өтип атырғанлар;
3) Коронавирус инфекциясы анықланған наўқаслар менен байланыста болғанлар;
4) Эпидемиологиялық жағдай турақсыз, вирус кең тарқалған мәмлекетлерден келгенлер;
5) Карантин орынларында карантин бақлаўында болып турған пуқаралар;
6) «COVID-19» бойынша клиникалық-эпидемиологиялық көрсетпеге ийе пуқаралар биринши нәўбетте тексериледи.
Соның менен бирге, өзиниң денсаўлығы ҳаққында ойлаған басқа да қәлеўши пуқаралар тест тапсырыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының қәнигелери тәрепинен бир күнде 150 ден аслам адамлардан тест алынбақта.
Орай Нөкис қаласы, Гөне қала аймағы, Хожели гүзары 58А-жайда жайласқан.
Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 9-июль күнги мағлыўматларына қарағанда, усы күнге шекем 37815 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 175 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланған.
Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 19081 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди. Олардан 16363 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 2718 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 260 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 2458 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.
Мәмлекетимизге шет еллерден кирип киятырған халықаралық ири жүк автотранспорт баскарыўшыларында коронавирус инфекциясына тексериў жолға қойылған. Усы күнге шекем «Даўыт ата» постында улыўма 6150 пуқара лабораториялық усылда тексерилген.
Сондай-ақ, усы күнге шекем карантин талапларын бузғанлығы ушын 15110 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген болса, 2 пуқараға жынайы ис қозғатылған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz