
«Жоқары оқыў орынларында дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар 1-августтан кейин басланады. Бирақ, бул имтиханлардың даўамлылығы ҳәм сапасына тәсир көрсетпейди. Яғный бундай имтиханлар 20 күн даўам етеди», - деп айтып өтти Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидов.
Министрдиң атап өтиўинше, ҳүжжет тапсырыў мәселелеринде ҳеш қандай өзгерислер болғаны жоқ. Билимлендириўдиң барлық түрлери ушын ҳүжжетлер онлайн түрде тапсырылмақта.
Мағлыўмат ушын, буннан алдын жоқары оқыў орынларында тест сынақлары менен бирге өткерилетуғын дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар 25-июльға шекем, ал тек ғана дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар арқалы оқыўға тапсыратуғын бағдарларда имтиханлар 25-июльдан 20-августқа шекем даўам ететуғынлығы белгиленген еди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz