Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.07.2020 15:39
  • 913

Жеке меншик дәриханалар өзлери алып келген дәрилерди қәлеген баҳасында сатыўы мүмкин бе?

Жеке меншик дәриханалар өзлери алып келген дәрилерди қәлеген баҳасында сатыўы мүмкин бе?
Сораўға Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Қ.Бегматова төмендегише жуўап берди:

«Дәри-дәрмақларға баҳа белгилеўде көтере ҳәм усақлап сатыў реализациясы ушын – сатып алынған баҳасынан 15% тен артық болмаған, усақлап сатыў реализациясы ушын – көтере баҳасынан 20% тен артық болмаған муғдарда әмелге асырылыўы белгиленген. Бул ҳаққында Президенттиң 2016-жыл 31-октябрьдеги 2647-санлы «Халықты дәри-дәрмақлық затлар менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетип өтилген.

Сондай-ақ, сырттан алып келинетуғын ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алынатуғын дәри-дәрмақлық затлар ҳәм медициналық буйымларды көтере сатыў оларды жеткерип бериўге қатнасатуғын тәреплердиң санына қарамастан, усақлап сатыў баҳасынан 20 проценттен артық болмаған муғдарда белгиленеди», - деп айтып өтти Қ.Бегматова.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған