Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.07.2020 14:03
  • 1447

Ертеңнен баслап Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базары ҳәм ири саўда орайлары азық-аўқатлық затларды сатыў ушын қайта ашылады

Ертеңнен баслап Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базары ҳәм ири саўда орайлары азық-аўқатлық затларды сатыў ушын қайта ашылады
Нөкис қаласы ҳәкимлиги арнаўлы комиссиясының бүгинги өткерилген мәжилис шешимине муўапық, халықтың усыныс ҳәм мүрәжатларын есапқа алып, усы жылдың 22-июль сәнесинен баслап пайтахтымыздағы Орайлық дийқан базары, ири саўда орайларының жумысы тек ғана азық-аўқатлық затларды сатыўы, коронавирус кеселлигиниң алдын алыў ҳәм оның тарқалыўына жол қоймаў мақсетинде ашық аспан астында ҳәр күни саат 19:00ге шекем халыққа саўда-сатық хызметин көрсетеди. Бул ҳаққында қала ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Бунда төмендеги қатаң талап ҳәм қағыйдаларға әмел етиў белгиленди:

- Барлық пуқаралар белгиленген (2 метр) аралықты сақлап, санитариялық-гигиеналық талапларға (медициналық бир мәртелик қолғап, нықап тағып) бойсынып, адамлардың бир орында топланыўына жол қоймаў;

- Базар ҳәм саўда орайларының хызметкерлери бир мәртелик қолғап пенен нықапта болыўы шәртлиги, сондай-ақ, медициналық қорғаныў кийимлерин кийип, азық-аўқат өнимлериниң халыққа қолайлы баҳада сатылыўына ҳәм сапасына айрықша итибар қаратыўы усыныс етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған