Кәспий теңизи – Европа менен Азияның қақ ортасында жайласқан, Жер шарындағы ең үлкен туйық көл болып табылады. Оның үлкенлигине қарай оны теңиз деп те атайды. Биз төменде усы теңиз ҳаққындағы ең қызықлы 8 фактти нәзериңизге усынамыз.
1. Кәспий деген атама усы теңиз бойын мәкан еткен әййемги «кәспий» қәўиминиң ҳүрметине қойылған. Грузия аймағында Каспи атамасындағы қала да бар.
2. Кәспий теңизиниң әййемнен белгили бирнеше атлары бар: Гиркан, Хазар, Хвалын ҳәм т.б. Бундай атамалар усы аймақта жасаған ҳәр қыйлы халықлар тилинде усылай аталып келген.
3. Кәспий теңизи – Жер шарындағы көлге де, теңизге де тән өзгешеликлери бар үлкен суў бассейни болып табылады. Теңиздиң пайда болыўы неоген дәўирине барып тақалады. Жер бетиниң көтерилиўи нәтийжесинде Қара теңизден бөлиниў нәтийжесинде жүзеге келген. Неоген дәўирин Кәспий теңизиниң қәлиплескен дәўири деп атаўға болады.
4. Кәспий теңизи менен 5 мәмлекет шегараласқан: Қазақстан, Россия, Әзербайжан, Түркменстан, Иран. Сондай-ақ, теңиз жағасында 13 қала жайласқан. Әзербайжанның 6, Қазақстан, Россия, Иранның екеўден қалалары ҳәм Түркменстанның 1 қаласы усылар қатарында.
5. Кәспий теңизи 371 мың километр квадрат жерди ийелеп тур. Егер бул аймақта мәмлекет болғанда, ол үлкенлиги бойынша 62-орынға ылайық болатуғын еди. Тереңлиги 1015 метр.
6. 1719-жылға шекем Кәспий теңизиниң турақлы картасы болмаған. Сол жылы Бекович-Черкасский басшылығындағы экспедиция нәтийжесинде теңиздиң анық картасы жаратылған.
7. Теңизде тәбийғый тиришилик формаларының 850 түри ушырасады. Теңиздеги ең әжайып жәниўарлардың бири – кәспий ийтбалығы есапланады. Туристлердиң айтыўына қарағанда, теңиз ийтбалықлары адамлар менен қатарласып жүзип, олар менен ойнайды екен. Бирақ, ҳәзирги күнде олардың саны оғада азайып, жоқ болып кетиў алдында тур.
8. Жер бетиндеги ең қымбат уўылдырық (икра) «қара уўылдырық (икра)» деп ойласаңыз қәтелесесиз. 100 граммы 2000 АҚШ доллары туратуғын ең қымбат уўылдырық – ақсерке балығының «Алмас» деп аталатуғын уўылдырығы болып табылады. Ол Кәспий теңизиниң Иран менен шегаралас аймақларында жасайды.
Ислам Матеков.