Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.07.2020 16:06
  • 1643

ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫНА ТАЯРМЫЗ (БА?) ямаса усынысларымызға рәсмий жуўап күтемиз

ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫНА ТАЯРМЫЗ (БА?) ямаса усынысларымызға рәсмий жуўап күтемиз
Елимизде быйылғы жыл “Мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы”деп белгиленди. Мәмлекетлик бағдарламада елимиздиң социаллық-экономикалық тараўларында санлы структураны раўажландырыў белгилеп көрсетилген еди (Бул процессти “COVID-19” пандемиясы және де тезлестирип жиберди). Сол тийкарда Өзбекстанда билимлендириў тараўы аралықтан билимлендириў структурасына өткерилди. Бул оқыўшыларға билим бериў мүмкиншилигин жаратқаны менен ҳәр бир сабақтың тәлим-тәрбия бериў ҳәм раўажландырыў сыяқлы мақсетиниң толық орынланыўына тосқынлық етиўши факторларды да келтирип шығарды. Муғаллим аралықтан билим бериўи мүмкин, бирақ тәрбия мәселесинде айырым бослықлар пайда болмақта. Айтайық, тәрбия бериў мәселеси ана-анасына (ямаса оның орнын басыўшы шахсқа) қалмақта. Өтилген сабақтағы раўажланыў мәселеси де оқыўшының ықтыярында (қәлесе өтилген сабақ, билим ҳаққында пикирлеўди, қәлемесе...). Және де аралықтан билимлендириў оқыўшыда белсенди болыў, мақтаныў (бул ҳәр бир балада болатуғын қубылыс), уялыў (жәмийетшилик алдында уялыў тәрбияда оғада әҳмийетке ийе), орталықтағы жуўапкершиликти сезиниў сыяқлы сезимлердиң қәдирсизлениўине алып келмекте.

Онлайн билим бериў структурасы муғаллим менен оқыўшының телевизорға, компьютерге ямаса уялы телефонға қарап отырып билимлендириў екен дегенлер алжасады. Бул бир неше тийкарлардың бирикпесинен турады. Биринши тийкар – сапалы байланыс (интернет) тармағы керек. Екинши тийкар – электр энергиясы (бул жерде электр тармақлары кәрханасының электр энергиясын жеткерип бериў мәселеси деп түсинбеўимиз керек). Айтайық хожалықтың электр энергиясына қарыздарлығы артып өширилген болыўы мүмкин. Үшинши тийкар – социаллық мәселе – ата-ананың жумыс пенен тәмийинленип табыс табыў мәселеси, яғный, интернет тармағы қарызға ислемейтуғынлығын менен байланысады.

Төртинши тийкар – онлайн сабаққа қатнастырыў мәселеси ата-ананың жуўапкершилигинде, деген менен, онлайн сабақларымыз ата-аналарының жумыс ўақты менен бир ўақытқа туўра келиўи мүмкин. Бул жерде ата-ананы айыплаў орынсыз. Жумыс – табыс дереги. Табыс күн көрис екенлигин умытпаўымыз керек.
Бесинши тийкар – айырым ата-аналар балаларының онлайн сабағына қатнасыўын қадағалаўы мүмкин, бирақ үйретиў (педагогикалық) тәжирийбеси ямаса усылы болмаўы мүмкин. Ҳәтте билим дәрежеси де жетпеўи мүмкин...

Буннан басқа биз есапқа алмаған тийкарлар да болыўы мүмкин. Сонлықтан бул жерде барлық жуўапкершиликти олардың мойнына жүклеп қойыў да орынсыз.
Солай екен, биз жаңа оқыў жылына қандай таярлықлар көриўимиз керек? деген мәселе де пикирлесип, усынысларымызды берип өтпекшимиз. Жаңа оқыў жылына барлық орта билим бериў мектеплери таяр. Онлайн сабақлардың жобасына да таяр етип қойылған. Ендиги мәселе онлайн-аралықтан билим алыўға оқыўшылардың ҳәм ата-аналардың таярлығы. Биз 2019-2020-оқыў жылында март айынан баслап аралықтан билим берип, азлы-көпли тәжирийбе арттырдық. Оқыў жылының жуўмағында таллап көргенимизде оқыўшыларды онлайн сабақларымызға қамтып алыў бойынша қыйыншылықларға ушырадық. Аўыллық жерлер интернет жоқлығы (интернет төлеми ушын айырым шаңарақлардың социаллық жағдайы да көтермеди), айырым шаңарақларда смартфон телефонлардың болмаўы, еки-үш перзентиниң оқыўшы екенлиги. Олардың сабақларының бир ўақытта өтилиўи сыяқлы бири-бирине байланыслы себеплер барлығы белгили болды. Айырым аймақларда оқыўшылар ушын интернет жоқлығы, шаңарақтың социаллық жағдайы оқыўшыларда оқыўға, билим алыўға деген қызығыўшылығын төменлетти. Сонлықтан жаңа оқыў жылында телесабақларды көбейтип, сапасын арттырыў зәрүр. Бул ушын ең биринши – ҳәр бир шаңарақ усы күнлерден баслап таярлықлар көриў, өз үйинен телевизорлы оқыў ханасын ажыратыў, баласының столда, мүмкиншилиги болса отырғышлы столда телевизорға қарсы қарап отырыў мүмкиншиликлерин жаратыўымыз керек. Көпшилик шаңарақларда телевизор аўқатланатуғын орталық ханаларда жайласады. Телесабақ барысында кими аўқатланып атырса, кими басқа каналды көргиси келеди. Көпшиликтиӊ арасында отырып сабақты толық түсиниў балаға қыйыншылық туўдырады. Сонлықтан балаға тыныш хана керек. Оқыўшы телемуғаллими менен руўхый байланыс орнатса ғана сапалы билим ала алады.
Екиншиден, бундай имканиятларды жаратыў көпшилик хожалықларға экономикалық қыйыншылық туўдырары сөзсиз. Бирақ биз бул ислерден қашпаўымыз керек. Перзентимиздиң билим алыўы ушын бар имканиятлардан пайдаланыўымыз керек.
Үшиншиден, Халық билимлендириў министрлиги Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен балалардың үйлеринде аралықтан билим алыўы ушын шаңарақларда жаратылған шараятларды мониторинг етип үйренип шығыўы керек. Усы мониторинг нәтийжесинде биз жаңа оқыў жылына таярлығымыз ҳаққындағы жағдайға баҳа бериўимиз керек. Себеби жаңа оқыў жылына муғаллим-педагоглар (телемуғаллимлер) таяр болғаны менен билим алыўшы оқыўшыларымыз таяр болмаса биз кимлерге билим беремиз?!
Төртиншиден, ҳәр жылы август айынан сентябрь айының орталарына шекем даўам ететуғын “Мектеп базары”на быйылғы жылы ата-ананың қалтасы көтеретуғын планшет (смартфонлардағы жазыў-сызыўлар оқыўшы ушын кишилик етеди, нәтийжеде көздиң көриўин төменлетеди), ноутбук, телевизор, бир оқыўшылық отырғышлы парталар да сатылыўын жолға қойыўымыз зәрүрлигин талап етпекте.
Бесиншиден, бул буйымларды жеңиллетилген кредитлер арқалы алыў имканиятларын жаратыў керек шығар.
Алтыншыдан, жаңа оқыў жылы басланбастан бурын мектеп оқыўшылары ушын арзан интернет пакетлерин жаратыў бойынша байланыс компанияларына усыныс бериў бойынша Халық билимлендириў министрлиги менен Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ислери керек деп ойлаймыз.
Жетиншиден, жаңа оқыў жылында Халық билимлендириў министрлигине жаңа оқыў жылынан баслап директорлық фонд арқалы аралықтан билимлендириўде жақсы нәтийже көрсеткен шаңарақлардың перзентлерин хошаметлеў структурасын жаратыўды усыныс етемиз. Бул хошаметлеў ҳәптелик, айлық, шереклик... басқышлар менен ақшалай ажыратылып, байланыс телефонына интернет ушын, электр энергиясы, оқыў қураллары ушын өткерип берилсе.
Сегизиншиден, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң қала ҳәм районлардағы бөлимлери көп оқыўшысы бар шаңарақларды қоллап-қуўатлаў усылларын енгизип олардың перзентлериниң аралықтан билим алыўы ушын қаржы ажыратса (шаңарақ әлбетте кәмбағал, кем тәмийинленген болыўы шәрт емес). Пулға, азғана қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлар оғада көп.

Жоқарыдағы пикир-усынысларымыздан келип шығып депутатларымыз (бизиң жанкүйер, билимлендириў тараўынан сайланған депутатларымыз оғада көп) жаңа оқыў жылына таярлық ушын мектепте, колледж, жоқары оқыў орынларында оқыйтуғын перзентлери бар шаңарақларға мәмлекет тәрепинен пул ажыратыў бойынша тийкарлы усыныслар берип, оның жаңа оқыў жылынан бурын орынланыўына ерисиўимиз керек. Сонда ғана биз жаңа оқыў жылына таярмыз, деп айта аламыз.

Ҳәмме оқырманлардан бул бойынша пикирлериңизди ҳәм жоқарыда аты көрсетилген министрликлер ҳәм басқа да тийисли тараў қәнигелеринен рәсмий мүнәсибет күтемиз.

Әбдималик ХОЖАНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, журналист.
Венера ТӘЖИМУРАТОВА,
Нөкис қаласы 20-санлы мектеп директоры орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи: – Өз қәлеўи менен;...

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны