Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.08.2020 13:29
  • 1379

10-августтан баслап Нөкис қаласында ҳәрекет ететуғын автобус жөнелислери ҳаққында мағлыўмат берилди

10-августтан баслап Нөкис қаласында ҳәрекет ететуғын автобус жөнелислери ҳаққында мағлыўмат берилди
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының арнаўлы протоколы тийкарында 2020-жылдың 10-август сәнесинен баслап Нөкис қалалық саўда комплекси ҳәм айрым транспорт түрлериниң жолаўшы тасыўына рухсат берилгенлиги ҳаққында хабар берген едик.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң хабар бериўинше, 2020-жыл 10-августтан баслап министрликке қараслы «Автотранс Шымбай» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен Нөкис қаласында 9 жөнелис бойынша 45 автобус жолға қойылады.

Булар:
1-Нөкис арқа-батыс автовокзал – Нөкис қалалық саўда комплекси (Төрткүл гүзары бойлап)

2-Саманбай елаты – Нөкис қалалық саўда комплекси

3-Жийдели Байсын – Әскерий горнизон

4-Нөкис арқа-батыс автовокзал – Нөкис қалалық саўда комплекси (А.Досназаров көшеси бойлап)

8-Жийдели Байсын елаты – Нөкис қалалық саўда комплекси (А.Досназаров бойлап)

9-Боз аўыл елаты – Қум аўыл елаты

11-Қызкеткен елаты – Спорт комплекс

12-Шадлы аўыл – Спорт комплекс

17-Нөкис арқа-батыс автовокзал – Темир жол вокзалы (Водаканал, Ш.Рашидов, А.Досназаров көшелери бойлап)

Соның менен бирге, Нөкис қалалық саўда комплексине пуқаралардың келип кетиўи ушын жолаўшы тасыў жумысы менен шуғылланыў лицензиясына ийе болған жөнелиссиз таксилердиң күн даўамында карантин талапларына қатаң әмел қылған ҳалда ҳәрекетлениўине де рухсат етиледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...