Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.08.2020 17:53
  • 1192

Хожелиде еки пуқара арасында пышақласыў жүз берди

Хожелиде еки пуқара арасында пышақласыў жүз берди
Усы жылдың 3-август күни саат 22:00 де 34 жаслы М.П. Хожели районы Дослық көшесинде кетип баратырғанда танысы, 29 жаслы Д.Е.ни көрип қалады. Ол бир күн алдын болып өткен ўақыя себепли бир мәрте жүзине урғанынан ашыўланып, үйинен алған асхана пышағы менен Д.Е.ни қорқытып қойыў мақсетинде көрсетип, бир мәрте силтеген ўақытта, Д.Е.ниң қарын бөлимине тығып алып, өмир ушын қәўипли болған аўыр дене жарақатын жеткерген.

ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаментиниң хабар бериўинше, Д.Е. алған дене жарақаты менен медициналық мәкемеге жатқарылған.
Хожелиде еки пуқара арасында пышақласыў жүз берди
Ўақыя жүз берген орыннан жынаят қуралы болған 1 дана асхана пышағы айғақлы дәлил сыпатында рәсмийлестирип алынған.

Жағдай бойынша Хожели районлық ИИБ жанындағы Тергеў бөлимшеси тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң 104-статьясы 1-бөлими (қастан денеге аўыр зыян жеткериў) менен жынаят иси ашылған, ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет