Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.08.2020 12:12
  • 1157

Арнаўлы комиссияның қарары: 15-августтан баслап жумысларына рухсат берилетуғын тараўлар ҳаққында

Арнаўлы комиссияның қарары: 15-августтан баслап жумысларына рухсат берилетуғын тараўлар ҳаққында
Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында 2020-жыл 15-августтан баслап төмендегилерге рухсат бериледи:

- Автотранспорт қуралларының күн даўамында толық ҳәрекетлениўи;

- Жергиликли авиарейслер ҳәм темир жол қатнаўы. Бунда турақлы түрде ҳәр бир авиарейс ҳәм темир жол қатнаўынан алдын тийисли ҳаўа лайнери ҳәм темир жол вагонларын (ҳәр бир орынды) толық дезинфекциялаў, соның ишинде, оларға ҳаўаны зыянсызландырыў қуралларын орнатыў илажларын көриў зәрүр;

- Ашық ҳаўада хызмет көрсетиўши улыўмалық аўқатланыў объектлериниң (ресторан, кафе, асхана, чайхана) жумыслары. Бунда усы объектлер ушын:

* банкетлер ҳәм басқа ғалабалық илажларды өткериўге жол қоймаў;
* столлар аралығындағы 2 метрден кем болмаған социаллық аралықты тәмийинлеў;
* бир стол дөгерегинде 4 адамнан көп болмаған (шаңарақ ағзалары буған кирмейди) қарыйдарларды орналастырыў;
* хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғапта болыўы;
* ҳәр бир қарыйдардан кейин стол ҳәм басқа үскенелердиң тегис бетин дезинфекциялық затлар жәрдеминде тазалаў талап етиледи.

* Сондай-ақ, усы объектлердиң толық жумыс алып барыўына таярлық көриў ушын олардың имарат ҳәм объектлерине, сондай-ақ, ҳаўа айландырыў системасына зыянсызландырыў қуралларын (ультрафиолет лампалар ҳәм т.б.) орнатып барыў усыныс етиледи.

- Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплер, сондай-ақ, оқыў курслары (орайлары)ның жумыслары. Бирақ, бул шөлкемлердиң жумыслары ушын:

* шынығыўлардың ўақтын алдын ала келисиў (оқыў орайлары ҳәм дөгереклер ушын);
* хызметкерлер ҳәм балалар (тәрбияланыўшылар)дың денсаўлық жағдайын турақлы қадағалап барыў (дене температурасын турақлы түрде өлшеп барыў), дене температурасы 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған хызметкерлер ҳәм балалар (тәрбияланыўшылар)ды шынығыўлардан шетлетиў;
* хызметкерлер медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы ҳәм социаллық аралықты сақлаўы;
* санитариялық-гигиеналық ҳәм дезинфекциялық талапларға қатаң әмел етиў, имараттың бөлмелерин турақлы түрде дезинфекциялаў, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў илажлары көрилиўи керек;

- Санаторийлар, пансионатлар, балалар дем алыў орайлары, мийманханалар, мийман үйлери, пляжлар, хостельлер, ижараға берилетуғын дачалар ҳәм басқа дем алыў орынларының жумыслары. Усы хызметлерди әмелге асырыўда:

* пуқаралар өз алдына, бир-биринен ажыратылған ҳалда (ҳәр бир шаңараққа бир бөлме талабына әмел еткен ҳалда) орналастырылады;
* имарат ҳәм бөлмелер турақлы түрде дезинфекцияланады, соның ишинде, ҳаўаны зыянсызландырыў үскенелери менен тәмийинлеў усыныс етиледи;
* бунда мийман үйлери ҳәм хостельлердиң жумыслары Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 6-майдағы 21-санлы жыйналыс протоколының 2-қосымшасы менен тастыйықланған Пандемия шараятында мийманхана хызметлерин шөлкемлестириў бойынша ўақытша инструкция талаплары тийкарында жолға қойылады. Бунда хостельлер тек ғана бир бөлмеге шаңарақлық ямаса бир адамнан артық болмаған мийманларды қабыл етиўге рухсат бериледи.

- Музейлердиң жумыслары;

- Гөззаллық салонлары ҳәм шаштәрезханалардың жумыслары ушын – хызмет көрсетиўши адамлар тәрепинен жеке қорғаныў қураллары – медициналық халат ямаса комбинезон, медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаптан пайдаланған ҳалда телефон ямаса онлайн нәўбетке жазылған ҳалда «1 хызмет көрсетиўши адам – 1 қарыйдар» принципи тийкарында ислеўи талап етиледи;

- Шаңарақлық байрам, той, мереке ҳәм мәресимлерди өткериў (бунда усы илажларды пуқаралардың турақ жайы ҳәм ҳәўлисиниң өзинде 30 адамнан көп болмаған (тек ғана жақын ағайин-туўысқанлар ҳәм усы район аймағында жасайтуғын басқа ағайинлер) және санитариялық ҳәм гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда).

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

    Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи...

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина