Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.08.2020 12:32
  • 1078

20-августтан баслап қайсы тараўлардың жумысларына рухсат берилетуғыны ҳаққында

20-августтан баслап қайсы тараўлардың жумысларына рухсат берилетуғыны ҳаққында
Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында 2020-жыл 20-августтан баслап төмендегилерге рухсат бериледи:

- Буйым ҳәм қурылыс материаллары базарлары және буйымлар саўдасы менен шуғылланатуғын ири дүканлардың жумыслары (санитариялық тазалаў жумысларын өткериў ушын ҳәптеде бир мәрте санитариялық күнди жәриялаған ҳалда). Бунда супермаркет ҳәм басқа ири дүканлар:

* кирип-шығыў орынларын пирометрлер, дезинфекциялық «төсеклер», антисептик затлар менен тәмийинлеў, оларға кириўде ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған жағдайда киргизбеў, социаллық аралықты сақлаў, медициналық нықапта болыўы, сондай-ақ, усы объектлерге кириўде пуқараларды бийпул медициналық қолғап пенен тәмийинлеў талап етиледи;
* жумыс, хызмет, улыўмалық санитариялық-гигиеналық узель бөлмелерин, ири сыйымлылықтағы майданларды (бөлмелерди) ҳәм ҳаўа айландырыў системасын ультрафиолет зыянсызландырыў қураллары менен үскенелеў илажларын көриў керек.

- Спорт заллары, фитнес клуб, тренажёр ҳәм бассейнлердиң жумыслары. Усы объектлердиң жумысларын әмелге асырыўда:

* олардың турақлы түрде дезинфекцияланыўы, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер ҳәм антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсеклер» менен тәмийинлеў;
* хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы, социаллық аралықты сақлаўы;
* ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған, инфекциялық белгилери болған жағдайда және медициналық нықапта болмаған жағдайларда киргизбеў илажларын көриў, социаллық аралықты тәмийинлеў имканияты болмаған жәмийетлик спорт түрлерин өткермеў талап етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...