Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.08.2020 12:42
  • 1695

15-августтан кейин де сақланып қалынатуғын карантин шеклеўлери ҳаққында

15-августтан кейин де сақланып қалынатуғын карантин шеклеўлери ҳаққында
Төмендеги карантин шеклеўлери 2020-жыл 15-августтан кейин де сақланып қалады:

- Пуқаралардың жәмийетлик орынларда социаллық аралықты (2 метр) сақлаўы, медициналық нықапта болыўы, бунда олар тәрепинен санитариялық талаплар бузылған жағдайда қатаң шаралар (жәриймаға тартыў) көриў;

- Дене температурасы 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған пуқаралардың жәмийетлик орынларға бармаўы;

- Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлерде жыйналыслар өткериўди қадаған етиў, зәрүр жағдайларда жыйналысларды видеоконференцбайланыс режиминде өткериў;

- Тамаша, мәдений-кеўил ашар (театр, кинотеатр, концерт заллары, тойханалардың жумыслары) ҳәм ғалабалық илажларды өткериў;

- Улыўмалық аўқатланыў объектлериниң (ресторан, кафе, асхана, чайхана) жумыслары (ашық ҳаўада хызмет көрсетиўши улыўмалық аўқатланыў объектлери буған кирмейди);

- Түнги клублар, дискотека, спа ҳәм массаж салонлары, караоке, бильярд заллары, шылым (кальян) ҳәм компьютер ойынлары орайларының жумысларына жол қоймаў;

- 65 жастан өткен адамлардың «өзин-өзи жекелеў» жасаў тәризинде өмир сүриўин усыныс етиў ҳәм ескертиўши үгит-нәсият жумысларын әмелге асырыў;

- жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыў ушын автотранспорт қуралының салонында басқарыўшының орны жолаўшылардың орнынан реңсиз пластик ямаса арнаўлы плёнка менен тосылған болыўы, басқарыўшы ҳәм жолаўшы медициналық нықапта болыўы (медициналық нықапсыз жолаўшыны тасыў қадаған етиледи), жолаўшыларды автотранспорт қуралы салонының артқы орнына отырғызыў және тек ғана өз (автотранспорт қуралы мәмлекетлик дизимге алынған) аймағында ҳәрекетлениўи.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң имаратлары, соның ишинде, хызмет бөлмелери әмелдеги шараятлардан келип шығып, ҳаўаны зыянсызландырыў системасы менен басқышпа-басқыш үскенеленеди.

Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларын есапқа алып, сондай-ақ, мәмлекеттеги эпидемиологиялық жағдайдан келип шыға отырып, Өзбекстанға сырт еллерден кирип келетуғын адамларды карантинге алыўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртиби енгизилди:

- Сырт еллерден кирип келетуғын адамларды карантинде сақлаў мүддети 14 күн етип белгиленеди;

- Карантин мүддетин пуқараның қәлеўине қарай карантин орайларында ямаса мийманханаларда өткериў тәртиби сақланып қалынады;

- Карантин мүддети пуқараның емлеў-профилактикалық илажларын әмелге асырыўға разылығына қарай, карантинде сақлаў мүддети врачлар бақлаўы астында емлеў-профилактикалық илажларды әмелге асырған (Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен усыныс етилген дәри-дәрмақларды қабыл еткен) ҳалда 7 күн етип белгиленеди (бунда 7 күнлик карантиннен соң тест нәтийжеси терис болғанда пуқара карантин орайынан шығарылады).

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...