Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.08.2020 12:23
  • 1215

«Базар стоянка» жөнелисли маршрутлар ушын қашан ашылады? Транспорт министрлиги жуўап берди

«Базар стоянка» жөнелисли маршрутлар ушын қашан ашылады? Транспорт министрлиги жуўап берди
Хабарыңыз бар, усы жылдың 17-август күнинен баслап республикамыз аймағында барлық жәмийетлик автотранспортлардың карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда хәрекетлениўине рухсат берилди.

ҚР Транспорт министрлигиниң хабар бериўинше, бүгинги күнде жолаўшы тасыўшы автотранспортлар рейске шығар алдында ҳәм Нөкис қаласы Орайлық саўда комплексинде және Нөкис Арқа-батыс автовокзалында дезинфекцияланбақта. Транспорт басқарыўшысы ҳәм жолаўшылар медициналық нықап таққан ҳалда ҳәрекетленбекте.

Ҳәзирги ўақытта шофёрлардың медициналық қолғап кийиў мәселеси Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы менен биргеликте көрип шығылмақта.

Министрликтиң хабарында жазылыўынша, бүгинги күнде «Дамас» қа 5, «Газель» ге 11 жолаўшы алыў белгиленген. Ал автобуста арнаўлы комиссия тәрепинен жолаўшы санының анық муғдары белгиленбеген. Негизинде автобус салонына 37 жолаўшыға шекем алыўға рухсат етилген. Деген менен, ҳәзирги пандемия себепли ҳәр бир жолаўшы өзиниң денсаўлығы ушын карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда ҳәркетлениўи керек.

Айырым транспортлардың белгиленген жолаўшыдан артық алып жүргенлиги анықланса, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады. Бул бойынша Транспорт министрлигиниң инспекторлары күнделикли қадағалаў жумысларын алып барып атыр.

«Стоянка мәселесине келсек, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң арнаўлы комиссия қарары менен рухсат етиледи», - деп жазылған министрлик мәлимлеме хызметиниң хабарында.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған