Telegram karinform

Сиясат

  • 02.09.2020 10:48
  • 1159

“Ардақлы нураный”, “Ўатан пидайысы” ҳәм “Үмит ушқыны” көкирек белгилери менен сыйлықлаў ҳаққында

“Ардақлы нураный”, “Ўатан пидайысы” ҳәм “Үмит ушқыны” көкирек белгилери менен сыйлықлаў ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

Қ А Р А Р Е Т Е Д И :

Елимиздиң социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўдағы пидәкерли хызметлери, тараўлардағы жоқары нәтийжелери менен табыслары, аймақта экологиялық турақлылықты тәмийинлеўдеги мийнетлери, көпшиликке өрнек ислери ҳәмде жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер көкирек белгилери менен сыйлықлансын:

“Ардақлы нураный” көкирек белгиси менен:


Зоркина Галина Александровна – Өзбекстан рус мәдений орайының Қарақалпақстан бөлими баслығы

Когай Марина Александровна – Өзбекстан Корейслер ассоциациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы

Турдымамбетов Турдыбай – мийнет нураныйы

Торемуратов Сейдулла Рзамуратович – мийнет нураныйы

Длекеева Зинепгул Давлетмуратовна – мийнет нураныйы

“Ўатан пидайысы” көкирек белгиси менен:

Мырзамуратов Нурлыбек Юсупович – Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанындағы Аралбойы аймағы ушын көпшериклик траст фондының Қарақалпақстан Республикасы бойынша ўәкили

Матякубов Хамра Махсудбаевич – Әмиўдәрья районлық айрықша жағдайлар бөлими баслығы

Кабулов Хожабай Алдашович – Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жетекши қәнигеси

Қутлымуратов Қалжанбай Қожамуратович – “Устаз жолы” газетасы жуўаплы хаткери

Сейтимбетова Зульфия Узакбаевна – Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлими баслығы

Алдабергенов Исатай Маратович – Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы

Жумабаева Сайяра Юсуповна – Беруний районы “Beruniy textile invest” жуўапкершилиги шекленген жәмийети үскене операторы

Срымбетова Пердегуль Шарибаевна – Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасы мийирбийкеси

Кайрова Кумисай Сагитжановна – Нөкис қалалық медициналық бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиника кардиолог шыпакери

Оразбаев Рашид Баймуратович – Кегейли районлық медициналық бирлеспеси жуқпалы кеселликлер бөлими баслығы

Матякупов Рустем Базарбаевич – Қоңырат районлық медициналық бирлеспесине қараслы 2-санлы поликлиника бас шыпакери

Сапаева Юлдуз Абдуллаевна – Төрткүл районлық медициналық бирлеспеси жуқпалы кеселликлер бөлими шыпакери

“Үмит ушқыны” көкирек белгиси менен:

Жумабаев Баҳадыр Толыбай улы – Кегейли районы “Бахтияр-Рахат” фермер хожалығы баслығы

Дадебаев Азамат Байрамклычевич – Тақыятас районы “Азамат” фермер хожалығы баслығы


Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңеси Баслығының
орынбасары А.Давлетов


Нөкис қаласы, 31-август, 2020-жыл

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко