Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.09.2020 13:05
  • 977

Карантин талаплары еле де жумсартылады: 5-сентябрьден баслап жумысларына рухсат берилетуғын тараўлар ҳаққында

Карантин талаплары еле де жумсартылады: 5-сентябрьден баслап жумысларына рухсат берилетуғын тараўлар ҳаққында
Республикада карантин талапларын қысқартыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен берилген көрсетпелерге муўапық, Республикалық арнаўлы комиссияның гезектеги қарары тийкарында төмендегилерге рухсат берилди:

2020-жыл 5-сентябрьден баслап:

Улыўмалық аўқатланыў объектлериниң (ресторан, кафе, асхана, чайхана) жумысларына. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

- банкетлер ҳәм басқа ғалабалық илажларды өткериўге жол қоймаў;
- столлар аралығындағы 2 метрден кем болмаған социаллық аралықты тәмийинлеў;
- бир стол дөгерегинде 4 адамнан көп болмаған (шаңарақ ағзалары буған кирмейди) қарыйдарларды орналастырыў;
- хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғапта болыўы;
- ҳәр бир қарыйдардан кейин стол ҳәм басқа үскенелердиң тегис бетин дезинфекциялық затлар менен тазалаў;
- имарат ҳәм бөлмелерге, сондай-ақ, ҳаўаны айландырыў системасына зыянсызландырыў үскенелерин (ультрафиолет лампалар ҳәм т.б.) орнатыў.

Тамаша ҳәм мәдений-кеўилашар объектлердиң (тек ғана театр ҳәм кинотеатр) жумысларына. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

- объекттиң ҳаўаны айландырыў системасына зыянсызландырыў үскенелерин (ультрафиолет лампалар ҳәм т.б.) орнатыў;
- келип көриўшилерди социаллық аралықты сақлаған ҳалда орналастырыў және медициналық нықапта болыўы (зәрүр жағдайларда илаж 2 сааттан көп даўам еткенде нықапты бийпул алмастырыў);
- объектлердиң кирип-шығыў орынларын пирометрлер, дезинфекциялық «төсеклер», антисептик затлар менен тәмийинлеў, оларға киргенде ҳәр бир келип көриўшиниң дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған жағдайда киргизбеў;
- ҳәр бир сеанстан кейин орын ҳәм басқа үскенелердиң тегис бетин дезинфекциялық затлар менен тазалаў;
- хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғапта болыўы.

Парклер ҳәм дем алыў бағларындағы аттракционлардың жумысларына. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

- келип көриўшилердиң социаллық аралықты сақлаған ҳалда нәўбетте турыўын тәмийинлеў;
- аттракционлардың тегис бетин ҳәр саатта ямаса ҳәр бир пайдаланғаннан соң дезинфекциялық затлар менен тазалаў;
- аттракционнан пайдаланыўда социаллық аралықты сақлаў;
- хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғапта болыўы;
- имарат ҳәм бөлмелерге, сондай-ақ, ҳаўаны айландырыў системасына зыянсызландырыў үскенелерин (ультрафиолет лампалар ҳәм т.б.) орнатыў.

Диний шөлкемлерде жәмәәтлик ибадатларды (жума ҳәм шемби-екшембилик диний хызметлер) әмелге асырыўға. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

- жәмийетлик ибадатты өткериў ушын келиўшилер арасында социаллық аралықты тәмийинлеў;
- диний шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм келиўшилердиң медициналық нықапта болыўы;
- санитариялық-гигиеналық ҳәм дезинфекциялық талапларға қатаң әмел етиў, имараттың бөлмелерин турақлы түрде дезинфекциялаў, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў;
- ҳәр бир диний ибадаттан соң имарат (бөлме) ҳәм ондағы үскенелердиң тегис бетин дезинфекциялық затлар менен тазалаў;
- имарат ҳәм бөлмелерге, сондай-ақ, ҳаўаны айландырыў системасына зыянсызландырыў үскенелерин (ультрафиолет лампалар ҳәм т.б.) орнатыў.
- дене температурасы 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған келиўшилерди киргизбеў;
- диний шөлкемлерге кириў ҳәм шығыў орынларында халықтың топланыўына қатаң түрде жол қоймаў.

Ата-аналардың пикирлери ҳәм жергиликли депутатлар кеңеслериниң усынысларына муўапық, сентябрь айынан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң дәстүрий және аралықтан турып жумыс ислеўине 2020-жыл 5-сентябрьден баслап рухсат бериледи. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

- хызметкерлер ҳәм балалар (тәрбияланыўшылар)дың саламатлық жағдайын турақлы қадағалап барыў (дене температурасын турақлы өлшеп барыў), дене температурасы 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған хызметкерлер және балалар (тәрбияланыўшылар)ды шынығыўлардан шетлетиў;
- хызметкерлердиң медициналық нықаптан пайдаланыўы ҳәм социаллық аралықты сақлаўы;
- санитариялық-гигиеналық ҳәм дезинфекциялық талапларға қатаң әмел етиў, имараттың бөлмелерин турақлы түрде дезинфекциялаў, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы