Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.09.2020 16:17
  • 1059

Магистратура қәнигеликлерине тапсырғанлар ушын әҳмийетли мағлыўматлар

Магистратура қәнигеликлерине тапсырғанлар ушын әҳмийетли мағлыўматлар
Магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханларында қатнасыў ушын рухсатнама алыў имканияты жаратылды.

2020-2021-оқыў жылы қабыллаўында республикалық жоқары оқыў орынларының магистратурасына кириў имтиханларында қатнасыў ушын рухсатнаманы http://magistr.edu.uz ҳәм http://ruxsatnoma.edu.uz мәнзили арқалы жүклеп алыў имканияты жаратылды.

http://magistr.edu.uz сайтынан рухсатнаманы жүклеп алыў ушын дизимнен өткенде киргизилген телефон номер ҳәм пароль арқалы жеке кабинетке кирип, рухсатнаманы жүклеп алыўға болады.

http://ruxsatnoma.edu.uz платформасы арқалы рухсатнаманы жүклеп алыў ушын төмендеги жеке мағлыўматларды киргизиў талап етиледи:

1) паспорт сериясы;
2) паспорт номери;
3) туўылған сәнеси.

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине кириў тест сынақлары 8-20-сентябрь күнлери аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бас имаратында болып өтеди. Университет мәнзили: Нөкис қаласы, Академик Ч.Абдиров көшеси 1-жай.

Магистратура қәнигеликлерине онлайн тест сынақларына қатнасатуғын талабанларға еслетпе!

1) Сиз рухсатнамада белгиленген тесттиң басланыў ўақтынан 30 минут алдын белгиленген имараттағы аудиторияда болыўыңыз керек;

2) Тест басланыўына 30 минут қалған ўақыттан баслап аудиторияға кириў тоқтатылады. Кешигип келгенлер киргизилмейди;

3) Тест басланыўынан алдын берилген логин ҳәм пароль менен тест системасына кириў мүмкин;

4) Тест сынақларын тапсырыў ушын 130 минут (2 саат 10 минут) ўақыт ажыратылады. Белгиленген ўақыт жуўмақланғаннан соң, тест процеси ескертиўсиз тоқтайды;

5) Тест сынақларын тапсырыў ўақтында топардан зәрүрлик пенен шығылғанда қосымша ўақыт белгиленбейди;

6) Микрокалькулятор, сөзлик, кесте, китап, уялы телефон, компьютер, телекоммуникациялық қурылмалар ҳәм басқа қураллар, шпаргалкалар алып кириў мүмкин емес. Тестти шешиўге жәрдем бериў, бир-бири менен сөйлесиў және басқа тест тапсыратуғынларға кесент етиў тест сынақларынан шетлетиўге тийкар болады;

7) Өз ўақтында жетип келмеген ҳәм өзине белгиленген ўақытта тестке қатнаспаған абитуриентлер басқа ўақытларда тест процесине киргизилмейди.

Тест сынақларына қатнасыў ушын абитуриентлер пуқаралық паспорты ҳәм рухсатнамасы менен келиўи керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған