Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.09.2020 17:20
  • 1183

Нөкистен Қоңыратқа шекем 7 200 сум. Бүгиннен баслап «Қоңырат-Нөкис-Қоңырат» жөнелиси бойынша жолаўшы поезды қатнаўы жолға қойылды

Нөкистен Қоңыратқа шекем 7 200 сум. Бүгиннен баслап «Қоңырат-Нөкис-Қоңырат» жөнелиси бойынша жолаўшы поезды қатнаўы жолға қойылды
Бүгиннен баслап Қарақалпақстан Республикасында «Қоңырат-Нөкис-Қоңырат» жөнелиси бойынша қалалар аралық жолаўшы поездларының қатнаўы жолға қойылды. Бул ҳаққында «Халқ сўзи Онлайн» басылымы хабар берди.

Бул жөнелис бойынша карантин шеклеўлеринен алдын да поездлар қатнаўы болмаған.

Жолаўшы поездлары мәнзилине барғанға шекем 7 бәндиргиде тоқтап өтеди. Бул Нөкис қаласы менен бирге Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай ҳәм Қоңырат районларындағы жолаўшылардың өз мәнзиллерине ҳәр күни белгиленген ўақытларда жетип алыў имканиятын береди.

Билет баҳалары оғада арзан болып, мәселен, Нөкистен Қоңыратқа шекем 7 200 сум етип белгиленген.

Жолаўшы поездлары ҳәр күни Қоңыраттан 06:10 ҳәм 14:18 де Нөкис қаласына қарай ҳәрекетлене баслайды. Нөкистен 11:00 ҳәм 18:40 та Қоңыратқа қарай жол алады.

Бунда санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўге айрықша итибар қаратылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында