Telegram karinform

Технология

  • 05.09.2020 18:22
  • 3149

Өзбекстанда коронавирусты жоқ ететуғын технология жаратылғаны айтылмақта. Ол сынақлардан табыслы өткен

Өзбекстанда коронавирусты жоқ ететуғын технология жаратылғаны айтылмақта. Ол сынақлардан табыслы өткен
«Xabar.uz» басылымының жазыўынша, Өзбекстанда коронавирусты жоқ ететуғын технология жаратылған. Қәнигелердиң айтыўына қарағанда, дәслепки сынақлар табыслы өткен.

«Усы жылдың апрель айында инженерлеримиз ҳаўадағы микроб ҳәм бактерияларды жоқ ететуғын жаңа инновациялық технологияны жаратты. Дәслепки тәжирийбелер өткерилип, технология жетилистирилди. Май айынан баслап интенсив сынақлар, соның ишинде, бактерицид лампа, озонатор, ультрафиолет ҳәм кварцларға салыстырылып, имканиятлары тексерилди. Технология нәтийжелилиги жоқары болғанлығы, ўақыт тығызлығы, вирустың кем-кемнен көбейиўи себепли, қалалық вирусологиялық лабораторияда коронавирусқа қарсы сынап көриў бойынша бир тоқтамға келдик.

Сынақлар ҳаўадағы коронавирусты жоқ етиўге бағдарланған еди. Нәтийжелерге муўапық, инженерлеримиз тәрепинен жаратылған технология тек ғана ҳаўадағы емес, соның менен бирге, лабораторияның тегис бетиндеги бактерия, микроблар ҳәм коронавирусты да пүткиллей жоқ етти», - деп айтып өткен Чилонзор районлық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының баслығы Г.Мирзаева.

Д.Муҳамедова, Ташкент қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Вирусологиялық лабораториясының баслығы:

«Коронавирус тек ғана ҳаўада белгили бир ўақытқа шекем емес, сондай-ақ, бөлмениң барлық бөлеги, тегис бетлеринде де сақланып қалыўын анықладық. Кейин жаңа технологияны 30 минут даўамында иске қосып, қайтадан сынақларды өткердик. Бокс ишинен тысқары, барлық орынлардағы коронавирус жоқ етилгениниң гүўасы болдық».

М.Қудратхўжаева, Ташкент қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының баслығы:

«Ҳәзирше жаратылған технологияның сырт еллерде аналогы жоқ. Бирақ, Европа, АҚШ, Россия мәмлекетлериниң қәнигелери де коронавирустың ҳаўа ҳәм ҳаўа тамшылары арқалы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде уқсас технологиялар бойынша жумыс алып бармақта. Сынақлар даўамында сырт ел фармацевтикалық санаат шөлкемлери тәрепинен технологияны сатып алыў усыныслары да болған еди. Келисим бермедик, себеби, дәслеп, бул технология елимиз, халқымыз ушын хызмет етиўи керек. Ишки талаплар қанаатландырылғаннан соң, сырт еллерге реализациялаў мәселелери көрип шығылады.

Жақын күнлерде сынақлар өз жуўмағына жетеди. Кейин медициналық мәкемелер, дәрихана, мектеп, асханалар, тойхана сыяқлы халық көп жыйналатуғын орынларда қолланыў ушын усынысларды беремиз».

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған