Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.09.2020 15:00
  • 885

Қарақалпақстанда 3 күн даўам еткен рейд илажлары даўамында 1496 қағыйда бузыў жағдайлары анықланды

Қарақалпақстанда 3 күн даўам еткен рейд илажлары даўамында 1496 қағыйда бузыў жағдайлары анықланды
Усы жылдың 31-август – 2-сентябрь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери тәрепинен рейд илажлары өткерилди. Бул ҳаққында басқарманың баспасөз топары аға инспекторы С.Қәллибеков хабар берди.

Өткерилген рейд илажларында төмендеги қағыйда бузыў жағдайлары анықланып, транспорт басқарыўшыларына тийисли тәртипте ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестирилди:

- автотранспорт қуралының тезлигин белгиленген нормадан арттырыў бойынша 268 жағдай;

- спиртли ишимлик тәсиринде мәс ҳалда автотранспорт басқарыў бойынша 16 жағдай;

- жолаўшы тасыў қағыйдасына әмел етпеў бойынша 218 жағдай;

- тийисли ҳүжжетлерсиз автотранспорт басқарыў бойынша 73 жағдай;

- автотранспорт қуралының қаптал айналарын тийисли рухсатнамасыз қарайтыў бойынша 4 жағдай анықланған.

Сондай-ақ, транспорт басқарыўшылар тәрепинен әмелге асырылған басқа қағыйда бузыў бойынша 927 жағдай анықланып, улыўма республикалық көлемде 1496 жағдайда қағыйда бузыўшылық дизимге алынған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында