Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.09.2020 15:32
  • 707

Қамсызландырыў полисин басқарыўшы өзи менен алып жүрмесе автомобиль жәрийма майданына қойылмайтуғын болды ма?

Қамсызландырыў полисин басқарыўшы өзи менен алып жүрмесе автомобиль жәрийма майданына қойылмайтуғын болды ма?
«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында автомобильдиң қамсызландырыў полиси жоқ екенлиги себепли автотранспорт ийесине ҳәкимшилик жәрийма қолланып, автотранспорт қуралын жәрийма майданына қойыў әмелиятын бийкар етиў ҳаққындағы усыныс жәрияланған еди. Бул усыныс порталда 10 мыңнан аслам даўыс топлады.

Хабарларға қарағанда, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 8-сентябрь күни болып өткен гезектеги мәжилисинде усы мүрәжаттан келип шығып, Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша комитет депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында таярланған Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 291-статьясына тийисли өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары биринши оқылыўында додаланды.

Нызам жойбарында транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полисин өзи менен алып жүрмеген басқарыўшылар транспорт қуралларын басқарғанда Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хызметкерлери тәрепинен транспорт қуралын услап турыўды бийкар етиў нәзерде тутылған.

Нызам жойбары додаланғаны ҳаққында тарқалған хабарлар надурыс талкыланып, айрым рәсмий емес каналларда «Енди қамсызландырыў полисиңиз қасыңызда болмаса, машинаңыз жәрийма майданына қойылмайды. Хабарды тарқатып, шофёрларға жеткерип қояйық» мазмунындағы комментарийлер менен жәрияланды.

Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң хабар бериўинше, бул жойбар тек ғана додаланып, көрип шығылған. Бирақ, бул еле әмелий түрде күшке кирмеди. Ҳәзирги ўақытта ЖПХ хызметкери қамсызландырыў полиси болмаған ямаса мүддети өтип кеткен транспорт басқарыўшы басқарыўындағы транспорт қуралын Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 291-статьясы тәртибинде жәрийма майданында ўақытша сақлаў ушын орналастырыў ҳуқықына ийе.

Сол себепли, транспорт басқарыўшыларынан тарқатылған тийкарсыз мағлыўматларға исенбеўди сораймыз. Усы жойбар бойынша ислеп шығылған Нызам ҳәм оның әмелде күшке кириў мүддети рәсмий каналларда жәрияланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы