Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.09.2020 18:11
  • 1115

2025-жылға шекем Нөкиске тутас еки қала «жолдас қала»ға айланады

2025-жылға шекем Нөкиске тутас еки қала «жолдас қала»ға айланады
Министрлер Кабинетиниң «2020-2025-жылларда жолдас қалаларды раўажландырыў илажлары бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәмийетлик додалаў ушын жәрияланды.

Қарар жойбарына муўапық, Нөкис қаласы ушын Хожели ҳәм Тақыятас қалаларына «жолдас қалалар» статусы берилиўи жобаластырылмақта.

Атап өтилиўинше, усы «жолдас қалалар» Нөкис қаласының тәбийғый-экономикалық потенциалынан келип шығып, олардағы жоқары демографиялық жағдай себепли жүзеге келип атырған қыйыншылықларға қала қурылысы ҳәм урбанизациялық принциплер тийкарында заманагөй шешимлерди қәлиплестириў мақсетинде сайлап алынған.

Қарарға муўапық, 2020-2025-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласына тутас болған Хожели ҳәм Тақыятас қалаларына «жолдас қала» статусын бериў арқалы раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланады.

Төмендегилер илажлар бағларламаларын әмелге асырыўдың баслы бағдарлары етип белгиленеди:

- жолдас қалаларды раўажландырыў нәтийжесинде оларды бирлестиретуғын үлкен қалаға болған демографиялық жүкти қысқартыў;

- жолдас қалалардағы социаллық, экономикалық, руўхый ҳәм ағартыўшылық тараўларын раўажландырыў арқалы олардағы халықтың қалалар аралық еркин ҳәрекетиниң интенсивлесиўине ерисиў;

- жолдас қалаларда үлкен қала менен байланыслы болған ҳәм еркин түрде раўажланып атырған санаат ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў;

- жаңа жумыс орынларын жаратыў;

- халықтың турмыс дәрежесиниң жаңа сапалық дәрежеге көтерилиўине ерисиў;

- халықтың турақ жайға болған талабы тийкарында макро ҳәм микро турақ жай массивлериниң социаллық ҳәм инженерлик инфраструктуралар менен биргеликте қурылыўын тәмийинлеў.

Қарар жойбары менен төмендеги силтеме арқалы толық танысыўыңыз мүмкин:

https://regulation.gov.uz/uz/document/20562

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған