Telegram karinform

Технология

  • 16.09.2020 17:54
  • 1683

«Telegram»да тарқалған вирус ҳаққында мағлыўмат берилди

«Telegram»да тарқалған вирус ҳаққында мағлыўмат берилди
Сентябрь айының басында «Telegram»дағы каналлар ҳәм топарларда фотосүўрет файлына уқсас болған зыянлы қосымша тарқалғаны, интернет пайдаланыўшылары усы сыяқлы файлларды жүклеп алып, орнатыўы ақыбетинде қурылманың программалық тәмийнатына зыян жетиўи мүмкинлиги ҳаққында хабарлар тарқалған еди. Хабарларда усы файл ашылғаннан соң смартфон ямаса компьютердеги мағлыўматлар урланыўы мүмкинлиги, система ислемей қалыўы ямаса басқа техникалық қәтелер жүз бериўи ҳаққында ескертилген еди.

Қәнигелердиң мағлыўмат бериўинше, «SCR» кеңейтпели файллар арқалы ҳәр қыйлы программаларды жаратыў мүмкин. Әдетте, «SCR» файллар оларды жаратқан тийисли программаның орынлаўшы файл скриптлери болып табылады. «SCR» файлды ашыў системада белгили бир буйрықлар дизиминиң әмелге асырылыўына себепши болады. Бундай буйрықлар файлда белгили бир тәртипте жайласады. «SCR» файлларының көпшилиги текстли форматта сақланады. Оларды текст редакторларының программалары ямаса қосымшаларында ашыў ҳәм көриў мүмкин. Бундай файлларға өзгерис киргизиў бирқанша қыйын, себеби олар көбинесе қосымша ҳәм өзгерислерден қорғалған болады.

«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясының хабар бериўинше, бундай түрдеги файллар жаратылғанынан соң троян түриндеги зыянлы вируслар ҳәм басқа зыянлы программалар менен бирге ислей алады. «SCR» файл ашылғанда әдетте антивирус программаларды көпшилик жағдайларда блоклап қоятуғын буйрықлар иске түседи. Вирус жазыўын өзгертпеў бойынша қорғаныў болыўы ямаса «SCR»да жасырынған «EXE» файл себепли антивируслар көбинесе бундай программалық тәмийнатты өшире алмайды. «SCR» файлы ишине орналастырылған троянлар ҳәм вирусларды табыў және өшириў қыйын болғаны ушын мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша қәнигелер усы формадағы белгисиз файлларды ашпаўды усыныс етеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...