Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.12.2017 17:42
  • 2114

«Қарақалпақстанның ҳәр бир пуқарасына 2 машинадан мингизген» журналисттиң үлкен қәтеси

«Қарақалпақстанның ҳәр бир пуқарасына 2 машинадан мингизген» журналисттиң үлкен қәтеси

Журналистика ең қыйын ҳәм қызықлы кәсиплердиң бири. Журналист өзиниң материалын таярлап атырған ўақытта жүдә итибарлы болыўы керек. Қаншелли итибарлы болсаң да, гей ўақытлары қәте-кемшиликлерге жол қойылыўы тәбийғый. Бүгин фейсбук социаллық тармағының белсенди пайдаланыўшыларының бири, ҚМУ журналистика қәнигелигиниң 3-курс студенти Жәҳәнгир Искедеров белгили журналист Шүкирбай Сийпатдиновтың жумыс бабында жол қойған үлкен қәте-кемшиликлери туўралы айтып өтти. Төменде оның жазған постын оқыўыңыз мүмкин.

«Қарақалпақстанның ҳәр бир пуқарасына 2 машинадан мингизген» журналисттиң үлкен қәтеси

Шүкирбай Сийпатдинов «Қарақалпақстан жаслары» газетасында бир неше жыллардан берли жумыс ислейди. Жақында оның өзи бир қызықлы ўақыя ҳаққында айтып берген еди. Алжаспасам, 1983-жылы жақында армияда хызметин өтеп қайтқан жас жигит Ш.Сийпатдинов «Еркин Қарақалпақстан» газетасына корректор жанында ислеўши жәрдемши сыпатында жумысқа өтеди. Ол жумыс ўақтында анағурлым алық екенлиги менен көзге түскен. Жас қәнигеге корректор да исеним билдирип, гейде еркин түрде полосаларды оқып шығыўды тапсырар екен. Бир күни корректордың зәрүр жумысы шығып «өзиң тексерип тур» деп Ш.Сийпатдиновқа жумысты тапсырып кетеди. Сонда ол газета бетлериниң биринде «Қарақалпақстанға 2 миллион автошина келтирилди» деген жазыўды көреди. Ол дәўирде «шина» сөзи оншелли таныс емес қусаған. Бурын көрмегенликтен «шина» дегени не өзи? Бул «машина» болса керек деп, «ма» қосымтасын «шина»ға қосып жазып жибереди. Сол дәўирде газета редакторы Ибрайим Юсупов болып, газета жәрдемшисиниң «дүзетиўи» менен шығып кетеди.
Ертеңине азанда редакция шофёры келип «тез жетиўиң керек екен» деп қыстастырып Шүкирбай ағаны алып кетеди. Жетип барса үлкен жыйналыс болып, газетада кеткен қәте ҳаққында сөз етилип атыр екен. Газета жәмәәтине жоқарыдан қатты дәкки билдирилипти. Сонда Ш.Сийпатдинов «Ҳақыйқаттан да газетада қәте бар екен, мен «шина» дегенди дүзетип, «машина» деп жаздым» деген екен ҳаўлығып. Ҳәмме дуў күлисипти. Ибрайим аға мырс етип, салдамлы түрде «Ҳаў иним-аў, сен Қарақалпақстанның ҳәр бир пуқарасына еки машинадан миндирмекши болыпсаң-ғой» деген екен. Сол дәўирде Қарақалпақстанның халқы бир миллион әтирәпында болған уқсайды.


Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити