Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.09.2020 17:01
  • 680

Дәстүрий тәризде сабақ өтпейтуғын муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақылары сақлана ма? Министрлик жуўап берди

Дәстүрий тәризде сабақ өтпейтуғын муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақылары сақлана ма? Министрлик жуўап берди
Оқыўшылардың денсаўлығын қорғаў, социаллық аралықты сақлаған ҳалда артықша қарым-қатнастың алдын алыў мақсетинде ӨзР Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен айрым сабақларды өтиў ўақытша усыныс етилмейтуғынлығы ҳаққында алдын хабар берген едик.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 2020-жылдың 28-августында «Улыўма орта билим бериў мәкемелеринде 2020-2021-оқыў жылына таярлық көриў жумыслары ҳаққында» өткерилген видеоселектор жыйналысында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ўәлаят, қала ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлерине дәстүрий тәризде сабақ өткерилмейтуғн айрым сабақлардың педагогларына ажыратылған саатлар бойынша айлық мийнет ҳақысын сақлаў тапсырылды. Бул ҳаққында министрлик мәлим етти.

Усы сабақлардың муғаллимлери мектепте оқыўшылардың денсаўлығын қорғаў менен байланыслы басқа илажларға бириктирилиўи белгиленди. Оқыў жылы басланғанға шекемги болған дәўир ушын мәкемениң педагог ҳәм басқа хызметкерлерине 2020-2021-оқыў жылы ушын қәлиплестирилген тарификациялық дизим ҳәм штатлар кестеси бойынша белгиленген лаўазымлық мийнет ҳақысынан келип шығып, айлық мийнет ҳақы төлеп бериледи.

Мийнетине сааты бойынша ҳақы төленетуғын қосымша тийкарда ислейтуғын педагог хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў мәкемеде оқыў процеси басланғаннан соң әмелге асырылады.

Мағлыўмат ушын, мектепте өтилмейтуғын сабақлар аралықтан оқытыў тәризиндеги телевизиялық сабақлар арқалы әмелге асырылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз