Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.09.2020 14:34
  • 1357

«Сапар айында сапар қылмаў» шәриятта бар ма?

«Сапар айында сапар қылмаў» шәриятта бар ма?
Ҳәр жылы ҳижрий есаптағы сапар айы келсе, адамлардан: сапар айында сапар қылып болмайды, егер сапар қылса пәлен болады, төлен болады деген ҳәр түрли адамларды қорқытатуғын гәплерди еситемиз. Және бир адамлар: сапар айында той бериўге болмайды десе, басқалары: бул айда улыўма жақсы ислерди баслап болмайды дейди.

Биз бундай гәплердиң негизи қаяқтан келип шыққанын билиў ушын, бундай гәплерди айтыўшылардан: буны қаяқтан еситтиң деп сорасақ, олардан: ата-бабаларымыз усы айда той бермеген, сапарға шықпаған, бул айда той бериўге уқсаған жақсы ислерди қылғанлар бахытсызлыққа ушыраған, деген жуўапларды аламыз. Енди бундай гәплерди динге байлап айтылса, әлбетте, ҳәр қандай адам ойланып қалады.

Қарақалпақ миллий үрип-әдетлери Ислам дини менен жипсиз байланысқан, себеби ата-бабаларымыз Ислам әрканлары тийкарында өмир гүзаранлық еткен. Бирақ, бундай «сапар айында сапарға шығып болмайды» деген сөзди ҳеш бир диний китапларда жоқ.

Халқымызда бир нақыл бар – «Шымшықты сойса да қассап сойсын». Бул нақылдың астында үлкен мәни бар. Енди сапар ҳаққында жоқарыдағы гәплерди айтыўшылар бул гәплерди динге байлап айтыўы жүдә үлкен айып есапланады. Себеби, халқымыз диний мазмундағы гәплерди тез қабыл етеди.

«Сапар айында сапарға шығыў мүмкин емес пе?» деген сораўға жуўап беретуғын болсақ, бул сораў негизинде илимсизликтен келип шыққанын билемиз. Қарақалпақ тилиндеги сапарға шығыў сөзи араб тилиндеги «сафар» сөзинен алынған болып, мәниси жолға атланыў, жолға түсиў, сапарға шығыў, сапарға кетиў, жибериў мәнилерин аңлатады. Ал, енди ҳижрий-қамарий ай есапланған сапар айы араб тилиндеги «софар» сөзинен алынған болып, «сары рең» деген мәнини аңлатады. Араб тилинде 3 түрли «с» ҳәриби бар. Сапарға шығыў мәнисиндеги сапар сөзи араб тилиндеги «син» ҳәриби менен жазылады, сапар айы дегендеги сапар сөзи болса, араб тилиндеги «сод» ҳәриби менен жазылады. Жоқарыдағылардан билгениңизден бул еки сапар сөзи арасында аспан менен жердей парық бар.

Енди бүгинги күнимизде адамлардың: сапар айында той бериўге болмайды, деген сөзи де жоқарыдағыға уқсас сөз. Адамның өмириндеги бахытлы күнлер жылдың он еки айының қәлегенинде болады, сондай-ақ, бахытсыз күнлер де қәлеген ўақытта болыўы мүмкин. Солай екен, сапар айын «бахытсызлыққа алып келиўши ай» деп айтыў ақыллы адамның гәпи емес.

Усы темаға тийисли бир ўақыяны айтып өтсек, бир шаңараққа келин түсти, арадан көп өтпей қәйин атасы аўырып қалды, кейин ҳәмме: «мына келин келди, бул шаңарақта бахытсызлық басланды» деп айта баслады. Сондай деп ойлаўшылар неге: Бир адамның өлими ямаса аўырыўы ол үйге түскен келинге қандай байланысы бар? деген сораўды өзине бермейди. Бул орында ағайин-туўысқанлар арасындағы жасы үлкенлердиң де айыбы бар екени келип шығады. Себеби, олар бундай надурыс гәплердиң алдын алыўы керек.

Усы жерде жоқарыдағыға уқсас және бир гәпке тоқталып өтсек, айрым адамлар: «кеше қоңсымыз қайтыс болып еди, жаўын жаўды» дейди ямаса соған уқсаған басқа гәплерди айтады. Егер ҳәр бир адамның дүньядан өтиўине усындай ўақыялар болатуғын болса, онда ҳәмме ўақыт жаўын жаўып турыўына туўры келеди ғой, себеби, ҳәзирги ўақытта дүньяда 7 млрд әтрапында адам жасайды. Бирақ негедур бундай гәплерди айтыўшылар гәпиниң мәнисине итибар бермейди.

Ислам дини бундай жаман иллетлерге не дейди?

Әлбетте, Ислам дини жаманлықты ҳәр қандай нәрсеге байлаўдан қайтарады. Себеби, Ислам дининиң тийкарғы үстинлеринен болған ийманда, жақсылық ҳәм жаманлықты тәғдирден, деп исениў лазым делинген.

Ислам тарийхына нәзер салтуғын болсақ, «сапар айында сапар қылыўға болмайды» деген гәпке улыўма орын қалмайды, себеби Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Мәккә қаласынан Мәдина қаласына усы сапар айында жолға шыққан. Кейин ала бул сапар тийкарында қамарий есап бойынша ҳижрий жыл есабы басланған.

Енди жаманлықты ямаса жақсылықты ҳәр түрли нәрселерге байланыстырыўға келсек, бул да тийкарсыз сөзлер есапланады. Буған да Ислам тарийхынан бир мысал келтиремиз.

Муғыйра ибн Шуъба разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның дәўиринде ол кисиниң баласы Ибраҳим қайтыс болған күни қуяш тутылды, кейин адамлар: Қуяш Ибраҳимниң қайтыс болғаны ушын тутылды, деп айтысты. Бул гәплерди еситкенде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Әлбетте қуяш та, ай да бир адамның тирилиги ямаса қайтыс болғаны ушын тутылмайды. Егер олардың тутылғанын көрсеңиз намаз оқың ҳәм дуўа етиң», деди.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның төрт қызы ҳәм үш баласы болған, бирақ Фатима анамыздан басқа ҳәмме перзентлери Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан алдын қайтыс болып кеткен. Солардан Ибраҳим деген баласы қайтыс болған күни, қуяш айдың артына жасырынып жерге нуры түспей қалатуғын күнге туўры келген, сонда адамлар: Ибраҳим қайтыс болып еди, қуяш тутылды, деп айтысқан. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам адамларды бундай надурыс гәплерден қайтарған.

Жоқарыдағылардан жуўмақ етип айтатуғын болсақ, бүгинги илим жүдә тезлик пенен раўажланып баратырған усындай дәўирде, бундай тийкарсыз сораўлар менен ҳәр кимниң басын қатырғанша, китапларды ашып, изленип көриў керек.

Абдулазиз Раҳматуллаҳ улы Идрисов,
Абдулла Нарынжаный мешити имәм-хатиби.

Мақала Paziylet.uz сайтынан алынды.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Январь айында магистратура қәнигеликлерине қабыллаў болып өтеди

Январь айында магистратура қәнигеликлерине қабыллаў болып өтеди

    Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына

Қарақалпақ тилиндеги википедияны раўажландырыў – әҳмийетли мәселе

Қарақалпақ тилиндеги википедияны раўажландырыў – әҳмийетли мәселе

    Википедия – көп тиллик, еркин интернет энциклопедия есапланып, оған қәлеўшилер тәрепинен мағлыўматлар жазылыўы ҳәм толықтырылыўы

Өзбекстанда усы жылдың дәслепки 9 айында қанша бала дүньяға келген?

Өзбекстанда усы жылдың дәслепки 9 айында қанша бала дүньяға келген?

    Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына муўапық, 2022-жылдың январь-сентябрь айларында республика бойынша 681 760 туўылыўшылық жағдайы ПҲАЖ