Telegram karinform

Сиясат

  • 27.03.2025 13:48
  • 262

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

 

Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген екинши басқыш 1-майда әмелге асырылады. Бас министрдиң баспасөз хаткериниң мағлыўматына бола, бул қарар халық ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде қабыл етилген.

 

Тарифлерди көтериўдиң екинши басқышы алдыннан 1-апрельге режелестирилген еди. Бул ҳүкиметтиң 2024-жыл 16-апрельдеги қарарында нәзерде тутылған. Ҳүжжетке тийисли өзгерислер киргизилген.

 

Өсиўдиң биринши басқышы өткен жылдың май айында бақланған болып, сол ўақытта социаллық тутыныў стандартлары енгизилген. Халық ушын 1 кВт/саат электр энергиясының базалық (социаллық норма шеңберинде) баҳасы 295 сомнан 450 сомға, 1 куб метр газдиң баҳасы 380 сомнан 650 сомға артты. Тутыныў көлеми артқан сайын тариф бир неше есеге кѳбейеди.

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,