Telegram karinform

Технология

  • 14.05.2025 21:09
  • 144

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

 

 

Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти. Tomorrow Bio деп аталған стартап ушын әллеқашан қарыйдарлар бар

 

Денени сақлап қалыў процесинде дене 198 градусқа шекем суўытылып, «биостаз» ҳалатына өтеди. Организмдеги барлық биологиялық процесслер тоқтайды. Жойбар ийелери келешекте музлатылған денелерди тирилтиў мүмкин екенлигине, атап айтқанда, буған уқыплы технологиялар жаратылатуғынына исеним билдирмекте. Олар клиентлерге 2 түрли таңлаў береди: Пүткил денени музлатыў шама менен 200 мың евро, тек мийди музлатыў болса 75 мың евро турады.

 

«Адамлар кимлиги ҳәм финанслық имканиятларына қарамастан, қанша жасаўды таңлаўы мүмкин болған дүнья жаратылады. Ҳәттеки өлимге де шара табылады», деп атап өткен Tomorrow Bio компаниясы.

 

Усы ўақытқа шекем компания алты адам ҳәм бес үй ҳайўанын криоконсервация қылған, яғный музлатқан. Бул имканияттан пайдаланыў ушын дизимде және 650 адам гезекте турыпты.

 

Мәлим болыўынша, криоконсервация процеси инсан өлиминен соң әмелге асырылады. Европаның түрли қалаларында денелерди Швейцариядағы тийкарғы мәкемеге жеткериў ушын арнаўлы тез жәрдем машиналары иске қосылған. Берлин, Амстердам ҳәм Зюрихта да хызмет көрсетиў пунктлери ашылған. Европа Биостаз қоры жойбарының бирге ислесиўшиси есапланады.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған