Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.09.2020 20:24
  • 991

Жоқары оқыў орынларына өткерилген тест нәтийжелери жәрияланды. Орташа кириў баллары қандай?

Жоқары оқыў орынларына өткерилген тест нәтийжелери жәрияланды. Орташа кириў баллары қандай?
Тест сынақларының таңлаў нәтийжелерине муўапық, республикалық жоқары оқыў орынларының бакалавриатына улыўма 140 068 абитуриент студентликке қабылланды (өткен жылы бул көрсеткиш 102 350 ди қураған еди). Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы хабар берди.

Соннан:

Мәмлекетлик грант тийкарында – 28 173 (улыўма тапсырғанлардың 20,1% и) абитуриент (2019-жылы бул көрсеткиш 18 130 ға тең еди);

Төлемли контракт тийкарында – 111 895 (улыўма тапсырғанлардың 79,9% и) абитуриент (2019-жылы бул көрсеткиш 84 220 ға тең еди) студентликке усыныс етилди.

Таңлаў нәтийжелерине муўапық:

- мәмлекетлик грант тийкарында орташа өтиў балы – 133,3 балл;
- төлемли контракт тийкарында орташа өтиў балы – 110,6 баллды қурады.

Республикалық жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында минимал өтиў балы – 68,0 балл, төлемли контракт тийкарында минимал өтиў балы – 56,7 балл етип белгиленди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында